Жасалма шаш, қас, кирпик, тырнақ қойдырыў – бул сөзлер ҳәзир ҳәммеге жақсы таныс. Бир-биринен қалыспайтуғын гөззаллық салонлары ҳәм ондағы стилист-визажист, маникюр, макияжшы, ҳ.т.б. қәнигелер ең керекли кәсиплер қатарынан орын алып атыр.
Ҳаял-қызлар-гөззаллық тымсалы. Олардың гөззаллығы дүньяға және де шырай бағышлайды. Сулыў болып жүриў де ҳаяллық бахыттың бир бөлегин қурайды.
Гөззаллық сырлары ҳеш бир ҳаял-қызды бийпарық қалдырмайды. Барлық тараўлар қатары косметология да тез пәт пенен раўажланбақта. Пардоз бериў әсбап-үскенелери, бояныў буйымларының және де жетилискен соңғы үлгилери кирип келип атыр. Дәслеп татуаж ҳәзир растишофка ерин ҳәм жүзлерге инъекция арқалы ботокс ислетиў, кирпик егиў және белгили ўақытқа шекем өзгермей суп-сулыў ҳалында турыўшы тырнақларға талап күшли. Әлбетте жоқары дәрежедеги хызметлердиң баҳасы да қымбат болады.
Гөззал болыўдың ең биринши қағыйдасы бул шашларға итибар қаратыў. Ҳаял-қызлар ертеден-ақ, шаш түрмеклеўдиң түрли түрлерин ойлап тапқан ҳәм түрли реңлерге бояўды үйренген. Ҳәзирги күнге келип, бир тегис узын шашты жайып жүриў үрдиске айланған. Гөззаллық саламатлық пенен де байланыслы. Ҳәр қыйлы себеплер менен шашлар түсип, сийрексип те қалыўы мүмкин. Лекин, бүгинги гөззаллық салонлары сизиң барлық кемшиликлериңизди жасырып, өз әрманыңыздай көринисти инам ете алады.
– Шаш адамның көрки. Ҳәр бир ҳаял-қыз айнаға қарағанда және де гөззал болыўды қәлейди. Өзим бес жылдан берли стилист-визажист болып ислеймен. Көбинесе маған, шырайлы узын көркем шашы болыўын сорап алдыма келеди. Бул өнер жүдә нәзик, өзиниң тәртип-қағыйдасына ийе мийнетти талап етеди. Ең дәслепкилерден болып баслаған болсақ, ҳәзир қарыйдарларымыз саны да көбейип атыр. Алдынлары капсула арқалы шаш қосатуғын едик, ҳәзир арнаўлы клейлери менен ислеп атырмыз. Ҳәр бир қарыйдар ушын кеминде еки саат ўақыт кетеди. Баҳасы 1 миллионнан 4 миллион сумға шекем барады. Шаш өзлеринен болса 600-800 мың сум болады. Бундай шашлар еки ай турады. Арнаўлы өзиниң тарағы, өзиниң күтими болады. Ҳәр еки айда коррекция болады, яғный алып, қайтадан салып беремен.
Кәсибимизде тез-тез өзгерислер жаңалықлар кирип келеди. Сонлықтан өз тараўымыз бойынша оқыў курсларында оқып, билим ҳәм тәжирийбемизди асырыўда ҳәрекет етемиз.
Социаллық тармақлар арқалы да өз жумысымызды көрсетип, таныстырып барыў ушын инстаблогер ҳәм мобилографияны жүригизиўди үйрениўге оқып келдим. Мийнет, ҳәрекет ҳәм излениў-баслы бағдарымыз.
Усы өнерге қолымды үйретип, жақсы түсиник ҳәм бағдар берген устазларым Гөззал Раймова ҳәм өзимниң қәйин енем болады. Олардың билдирген исенимин ақлаўға ҳәрекет етип атырман, – дейди пайтахтымыздағы DIOR гөззаллық салоны стилист-вижазисти Гөззал Ахмедова.
Бүгинги косметология имканиятларына қайыл қалмаўдың илажы жоқ. Қайсы жаста болсаң да гөззал ҳаялға айландыра алады. Сарплайтуғын қәрежет ҳәм ўақтыңды аямасаң болды. Ҳәтте олар айдай жүзлерине ҳазар бериўши ҳәр қыйлы инъекцияларды қабыллаўға да қайыл.
Бизиң айтарымыз, гөззаллығыңыз бенен бирге әзиз саламатлығыңызды да қатар қойың.
Жумагүл ЕЕМБЕРГЕНОВА
Өз хабаршымыз.
