Соңғы жыллары халықты социаллық қорғаўды күшейтиў, мәмлекет тәрепинен пуқараларға социаллық хызмет көрсетиў көлеми ҳәм түрлерин кеңейтиў бойынша
системалы ислер әмелге асырылмақта.
Нөкис қаласы әдиллик бөлими мәмлекетлик хызметлер орайы Өзбекстан Республикасы Президенти жанында Социаллық қорғаў миллий агентлиги «Инсан» социаллық хызметлер орайы хызметкерлери менен биргеликте халыққа социаллық хызметлер көрсетиў илажлары алып барылды.
Атап айтқанда, «Ғәрезсизлик» мәкан пуқаралар жыйынында майыплығы болғанлардың жағдайларынан ҳабар алынып, электрон санлы имза алыў бойынша көшпели хызмет көрсетилди.
Сондай-ақ, Нөкис қаласы мәмлекетлик хызметлер орайына аўыр наўқаслығы ҳәм майыплығы себепли келиў имканияты болмаған пуқараларға да жаратылып, көшпели түрде мәмлекетлик хызметлер көрсетилип келинбекте.
Нөкис қаласы әдиллик бөлими мәмлекетлик хызметлер орайы тәрепинен «Тынышлық» МПЖда жасаўшы II топар майыплығы болған С.Асқарова ҳәм II топар майыбы Д.Хожамуратовларға электрон санлы имзалары көшпели түрде алып берилди.
Сондай ақ, буннан басқада қала аймағында жасаўши имканияты шекленген пуқараларға үгит-нәсият илажлары өткерилип, I ҳәм II топар майыплығы болған шахсларға мәмлекетлик хызметлер ушын 50 процент муғдарында шегирме қолланылатуғынлығы ҳәм басқа да тараўымызға тийисли болған норматив ҳуқықый ҳүжжетлердиң мазмун-мәниси бойынша түсиник жумыслары алып барылды.
Сондай-ақ, илаж даўамында 103 исбилерменлик субекти мәмлекетлик дизимнен ҳәм 3 исбилерменлик субъектлери қайта дизимнен өткерилди.
К.ОСПАНОВА,
Нөкис қаласы әдиллик бөлими мәмлекетлик хызметлер орайы бөлим баслығы.
