Халқымыз арасында “Имаратлар ишинде ең уллысы мектеп болса, кәсиплердиң ишинде ең уллысы устазлық” деген даналық гәп бар. Устаз дегенимизде көз алдымызға ҳәр биримиз ушын әдиўли, әзиз, мудамы ҳүрметте болатуғын инсан сәўлеленеди.
Усындай уллы устазлардың бири Қарақалпақ мәмлекетлик университети Инглис тили ҳәм әдебияты кафедрасы үлкен оқытыўшысы, филология илимлериниң кандидаты, доцент Гүлайым Нурымбетова.
Гүлайым Нурымбетова 1976-жылы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтын табыслы тамамлап, Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң Инглис тили кафедрасы стажёр-оқытыўшысы лаўазымынан өз мийнет жолын баслаған. 1980–1985-жыллар аралығында ҳәзирги Петербург мәмлекетлик университетиниң Эксперименталь фонетика ҳәм шет тиллерин оқытыў методикасы кафедрасында аспирантураны тамамлап, 1985-жылы «Улыўма тил билими, социолингвистика, психолингвистика» қәнигелиги бойынша кандидатлық диссертация жумысын табыслы жақлады.
1985–1993-жылларда Қарақалпақ мәмлекетлик университети инглис тили кафедрасы үлкен оқытыўшысы.
1995–2008-жылларда «Прогресс» оқытыў ҳәм раўажландырыў орайында методикалық бирлеспе баслығы ҳәм руўхыйлық ислери бойынша директордың орынбасары лаўазымларында иследи.
1995–2005-жылларда Қарақалпақстан Республикасы инглис тили пәни муғаллимлериниң Ассоциация баслығы болып жумыс иследи. Сол дәўирде Қарақалпақстан Республикасы бойынша 150 ден аслам халық аралық дәрежедеги инглис тили тренерлерин таярлап шығарыўға еристи.
2008-жылдан баслап 2023-жылға шекем Қарақалпақ мәмлекетлик университети Шет тиллери факультетиниң инглис тили ҳәм әдебияты кафедрасының доцент лаўазымында иследи.
Ҳүкиметимиз Гүлайым Аметовнаның көп жыллық пидайы мийнетин есапқа алып, 1997-жылы «Қарақалпақстан Республикасы халық билимлендириў ағласы» көкирек нышаны, 2006-жылы «Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген халық билимлендириў хызметкери» ҳүрметли атағы менен сыйлықлады.
Устаздың илимий жумыслары тийкарынан аўдармашылық ҳәм тил билими тараўларын раўажландырыўда теориялық ҳәм әмелий әҳмийетке ийе. Ол сырт ел ҳәм республика көлеминдеги илимий конференцияларда өзиниң баянатлары менен қатнасқан, 60 тан аслам илимий мийнетлер ҳәм бирнеше оқыў қолланбалардың авторы. Устаз Уллы Британия мәмлекетинде (онлайн) ҳәм Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, Өзбекстан мәмлекетлик жәҳән тиллери университети жанындағы кадрларды қайта таярлаў ҳәм олардың тәжирийбесин асырыў орайында тәжирийбесин асырыў курсларын табыслы жуўмақлаған.
Бүгинги күнде Гүлайым Нурымбетова ҳүрметли дем алыста болыўына қарамастан, жас илимпазлардың илимий жумысларына басшылық етип, жасларға тәлим-тәрбия бериўден шаршамайды. Устаздың шәкиртлери турмыстың барлық салаларында жемисли мийнет етип атыр. Устазымызға денсаўлық, аманшылық тилеймиз.
Алфия САДУЛЛАЕВА,
ҚМУдың инглис тили ҳәм әдебияты кафедрасы ассистенти.
