ЖАСЛАРҒА ИМКАНИЯТ КӨП

Быйылғы «Жаслар ҳәм бизнести қоллап-қуӯатлаӯ» жылы шеңберинде Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2024-жыл 5-апрель күни “Жасларға жер ажыратыў арқалы олардың дәраматларын асырыў ҳәм бәнтлигин тәмийинлеў, соның менен бирге, жаңа жер майданларын өзлестириў илажлары ҳаққында”ғы қарары қабыл етилди.
Қарарда белгилениўинше, жер майданын ижараға бериў бойынша электрон онлайн аукцион саўдалары «Е-аукцион» электрон саўда платформасы арқалы «мәҳәлле жетилиги»ниң усынысы менен қәлиплестиретуғын дизимге киритилген жаслар арасында өткериледи. Бунда:
– Жер майданларын ижараға бериў бойынша электрон онлайн аукцион саўдалары жеңимпазларына жер участкасы баҳасын 10 жыл мүддетке тең үлеслерде процентсиз бөлип-бөлип төлеўге рухсат бериледи;
– Дәслепки төлем муғдары базалық есаплаў муғдарының 1 есеси муғдарында белгиленеди;
– Талабанларға жер майданлары 30 жыл мүддетке шекем киши лотларда «бир массив – бир өним» принципи тийкарында ижараға бериледи:
– Электрон онлайн аукцион саўдаларында 1 талабан қатнасқан жағдайда да, аукцион өткерилген есапланады ҳәм де бул шәртлер тийкарында өткерилген аукцион саўдаларында жасларға жер майданын тек бир мәрте ижараға алыўға рухсат бериледи.
– Жер майданларын электрон онлайн аукцион саўдалары арқалы ижараға алған жаслар «Темир дәптер», «Ҳаяллар дәптери», «Жаслар дәптери» нен шығарылмайды ҳәм олар ушын нызамшылықта белгиленген барлық жеңиллик ҳәм преференциялар сақлап қалынады.

Р.ЕСИМБЕТОВ
«Электрон онлайн- аукционларды шөлкемлестириў» АЖ Қарақалпақстан Республикасы аймақлық ўәкили.