НЕМҚУРАЙДЫЛЫҚ ПА ЯКИ ЖУЎАПКЕРСИЗЛИК ПЕ?

Жылда дәстүрге айланып киятырған мектеп оқыўшылары арасында китапқумарлықты раўажландырыў, И.Юсупов ҳәм Т.Қайыпбергенов шығармаларын тереңирек үйрениў, жаслардың дөретиўшилигин қоллап-қуўатлаў, сөйлеў мәдениятын жетилистириў мақсетинде “И.Юсупов избасарлары” ҳәм “Төлепберген Қайыпбергенов шығармаларының билимданы” таңлаўының Нөкис қалалық басқышы руўхый-ағартыўшылық орайы тәрепинен шөлкемлестирилди.
Таңлаўды Руўхый-ағартыўшылық орайы Нөкис қалалық бөлими баслығы Қ.Нуратдинов ашып берди ҳәм қарақалпақ әдебиятының қос байтереги болған И.Юсупов ҳәм Т.Қайыпбергеновлардың өмир жолы ҳаққында қысқаша айтып өтти.
Кейин таңлаў басланып, жарыс үш басқышта төрешилер тәрепинен әдил баҳаланып барылды. Таңлаў жуўмағында сыйлы 3-орынды 9-санлы мектептиң оқыўшысы Ш.Қадирова, 28-санлы мектебинен А.Маденбаева ҳәм 30-санлы мектеп оқыўшысы Ш.Абуовалар, сыйлы 2-орынды 25-санлы мектеби оқыўшысы Н.Еркинбаева, 6-санлы мектебинен Н.Ибрайымовалар ийелеген болса, таңлаўдың улыўма жеңимпазы пайтахтымыздағы 31-санлы мектеп оқыўшысы Г.Полатбаева 1-орынды ийелеп, таңлаўдың республикалық басқышына жоллама алды.
Енди, усы жерде айтылатуғын бир мәселе бар. Таңлаўды Республикалық руўхый-ағартыўшылық орайы шөлкемлестиреди. Бундағы мақсет анық. Негизинде ҳәр бир исти шөлкемлестириўдиң өзи аңсат емес. Алдын ескертилип айтылады, қадағаланып барылады ҳәм сыйлы орынларды ийелеген оқыўшылар хошаметленеди. Булардың бәрин Орай хызметкерлери алып барады. Бундай таңлаўлар биринши гезекте мектеплерде, кейин қалалық, районлық басқышы, оннан соңғысы республика басқышы болып өтеди. Бул жарысларда “жүзден жүйрик, мыңнан тулпар” дегендей ең алығы, айрықшалары яғный билимданлары жеңиске ериседи.
Таңлаўдың қалалық басқышы 3 шәрт бойынша алып барылып, ҳәр бир шәрт 20 балл көлеминде баҳаланып барылды. Биринши шәрт – “Бахру бәйт” яғный ҳәр бир қатнасыўшы И.Юсуповтың қосықларын ядқа айтып бериў. Әне, усы шәртте тек бир ғана оқыўшы 20 балл алды ол да ең изинде қалған оқыўшы. Өзи солай болыў керек ғой?! – деп отырған шығарсыз. Яқшы, ал қалған қатнасыўшылар бул баллға жақынласа да алмады. Иркилип, умытып қалыўлар, қәте қатарларын айтыўлар, бириниң айтқан қосықты қайталаўлар көп ушырасты. Бул шәртти талқылайтуғын болсақ: ҳәр бир қатнасыўшы И.Юсуповтың бир қосығынан ядлап келип, соны ғана айтып бериў менен шекленди. Олардан шайырдың басқа қосықларынан сорағанымызда “Билмеймен” деген жуўапты алдық. Қосықты атқарыў шеберлиги яғный, бул жерде айтып бериў шеберлиги деп алсақ та болады, қатнасқан оқыўшылар арасынан тек үш-төртеўинде ғана байқалды. Шеберлик дегенде тыңлаўшыны өзине бийықтыяр қаратыў-тартыў делинеди. Мине, булардың бәри төрешилер тәрепинен сынақтан өткерилип барылды.
Екинши шәрт болса Т.Қайыпбергеновтың “Маман бий әпсанасы” китабынан аңсат сораўлардан дүзилген билетлерге (тек бир ғана сораўдан) жуўап бериўлери керек болды. Бул да алдын ала руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы тәрепинен мектеплерге тапсырылған. Негизинде таңлаўдың шәрти “Төлепберген Қайыпбергенов шығармаларының билимданы” еди. Ал, бул шәрт “шығармасы” болды. Усы шәртке де қатнасқан мектеп оқыўшыларынан тек 12 си ғана жуўап бере алды. Ол да болса анық жуўап болмай шықты.
Соңғы үшинши шәрт тест сынағы болып, оған қатнасқан оқыўшылардан тек жеңимпаз қызымыз ғана 20 балл системасында шешкен.
Демек, бул жерде анықланғанындай мектеплер тәрепинен “қатнассақ болды” яғный, “бизден кеткенше – ийесине жеткенше” усылында шала-шарпы таярлық болғаны сезилип турыпты.
Бул гәпимизди мына ҳақыйқатлықлар менен дәлиллеп беремиз. Пайтахтымыз Нөкис қаласында улыўма орта билим бериўши 53 мектеп бар болып, соннан 13 мектеп бул таңлаўға улыўма қатнасқан жоқ. Атап айтқанда 12-санлы, 14, 15, 32, 33, 34, 39, 43, 44, 48, 50, 52 ҳәм 53 мектеплер. Бул, не деген немқурайдылық? Усы таңлаўға қатнаспаған мектеплерде алдын ала таярлықтың сонда улыўма болмағаны ма? Мектеп басшыларының, қалаберди Нөкис қалалық мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў бөлими баслығы Жеңис Өтежановтың, мектеп директорларының немқурайдылығы ма яки жуўапкерсизлиги ме? Қалай түсинсек болады? Әдебият дарғаларына деген ҳүрметиңиз соншелли дәрежеде ме?…
Буған билимлендириў министрлиги не дер екен?
Ш.СИЙПАТДИНОВ,
Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген журналист. Усы таңлаўдың төрешилер қурамының баслығы.