«Бес баслама» жасларды жəмлестирди

Усы жылдың 25-май күни Жаслар орайы имараты жанында жасларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, руўхый дүньясын байытыў ҳәм өз талантларын жүзеге шығарыў мақсетинде «Бес баслама олимпиадасы» фестивалы болып өтти.

Фестиваль шеңберинде жаслар арасында спорттың шахмат, стол теннис, армрестлинг, street workout ҳәм киберспорт түри бойынша беллесиўлер болып өтти. Сондай-ақ, Жаслар орайы имаратында «Қызлар ҳаўазы» клубы жәмәәти тәрепинен жас бақсы, «Зульфия» атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты Еркинай Орынбаева менен ушырасыў өткерилди. Ушырасыўда қатнасқан жаслар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Илажда жаслар орайы имараты жанында ҳәр түрли таңлаўлар өткерилди. Атап айтқанда, жаслар «Жас художниклер» таңлаўы шеңберинде Жаслар орайы имаратының сүўретин сызыў арқалы өз шеберликлерин сыннан өткерди. Бәршемизге белгили, «Ибрат фарзандлари» жойбары көпшилик жаслардың шет тиллерин үйрениўине өз үлесин қоспақта. Жаслар орайы имараты жанында жойбардың жумысы бойынша қызықлы сораў-жуўаплар викторинасы өткерилди.

Сораўларға дурыс жуўап бергенлер хошаметлеўши саўғалар менен сыйлықланып фестиваль питкериўши жаслардың гала-концерти менен даўам етти.

Индира Мәмбетназарова,
Жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы жаслар ислери басқармасы Баспасөз хаткери.