ϴзбекстан Республикасына хызмет көрсеткен мәденият хызметкери, талантлы шайыр, тәжирийбели устаз Бахтыяр Генжемуратовты Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниӊ қарақалпақ филологиясы ҳәм журналистика факультетинде тәлим алған жылларымнан баслап жақыннан таныйман. Устазымыз биз, студент жасларға әдебият теориясы пәнинен сабақ берип, бул пән- ниӊ сырларын жалықпастан үйретти. Әдиўли устазымыздыӊ сабақ оқытыў методикасы өз алдына ажыралып турады десек болады. Ҳәр бир өткен сабағы бир-бирине уқсамай, лирикалық шегинислер менен безелип, күтә қызықлы ҳәм көтериӊки руўхта өтип, шәкиртлеринде үлкен тәсир қалдыра алады. Әсиресе, устазымыздыӊ сөз етилип атырған теманы образға кирип, жест ҳәм мимикаларын шеберлик пенен ислетип, шын жүреги менен берилип түсиндириўи аудиторияда тыӊлап отырған студентлерде айрықша қызығыўшылық оятады. Сабақ даўамында биз, шәкиртлери тез-тезден устазымыздан: «Қосықларыӊыздан және бир мәртебе оқып берсеӊиз!» деп өтиниш етер едик. Себеби, шайырдыӊ поэзиялық шығармаларды даўыс толқынын көтерип, пәтке айрықша дыққат аўдарып, ҳәр бир сөзге поэтикалық мәни жүклеп, эмоционаллық тәсиршеӊлигин арттырып көркемлеп оқыўын оғада унатамыз. Устазымыздыӊ сабақ барысында бар педагогикалық тәжирийбесин иске салыўы, сөз етилип атырған теманы турмыслық мысаллар менен тығыз байланыстырып шеберлик пенен жеткерип бериўи нәтийжесинде бизде әдебияттаныў илими бойынша тыянақлы түсиниклер қәлиплесип, көркем әдебиятқа, көркем сөзге, лирикаға болған меҳримиз еле де жоқарылады. Лекция темаларын жүреклерге жетип баратуғын дәрежеде айрықша пафос пенен сезимлерге берилип, толқынланып түсиндириўлеринен шайыр инсанныӊ сабақ өтип атырғанлығы сезилип турады. Бахтыяр Генжемуратовтыӊ 2012-жылы баспадан жарық көрген «Сайланды шығармалары» жәмленген қосықлар топламын үлкен қызығыўшылық пенен оқып шықтым. Шайырдыӊ көплеген қунлы дөретпелериниӊ ишки мазмунын, яғный автордыӊ не айтпақшы екенлигин бир оқығаннан уғып алыў, түсиниў бираз қыйын ҳәм қурамалы. Демек, көркем сөз шебериниӊ әжайып қосықларыныӊ идеялық мазмунын, жасырын сырын тереӊнен түсинип, ләззетлениў ушын үлкен таярлық, интеллектуаллық саўат, күшли ҳәм нәзик эстетикалық талғам талап етиледи. Усы орында ҳәм шайыр ҳәм устаз Б.Генжемуратовтыӊ әдебият теориясы бойынша берген билимлери поэзиялық шығармаларды сүйип ҳәм түсинип оқыўға жол ашып бергенлигин атап өткимиз келеди. ϴз қәлбине туўылған жериниӊ бийпаян далаларыныӊ кеӊликлерин, Әмиўдиӊ асаў толқынларын, Қаратаўдыӊ саўлатын жайғастыра алған, дөретиўшиликти, поэзияны өмириниӊ мазмуны деп билген, халқымыздыӊ ағла пазыйлетлерин, руўхый мәртлигин қунлы шығармаларында үлкен сүйиспеншилик пенен жырлап киятырған ҳүрметли устазымыз Бахтыяр Генжемуратовты 65 жыллық юбилей жасы менен гүллән шәкиртлери атынан шын жүрегимизден қутлықлаймыз. Устазымызды Әмиўдәрьяның асаў толқынларындай илҳам-йош ҳеш қашан тәрк етпесин.
Бахытлы САРЫБАЕВ,
И.Юсупов атындағы дөретиўшилик мектебиниӊ қарақалпақ тили ҳәм әдебияты пәни оқытыўшысы.
