Қарақалпақстан Республикасының импорты
2024-жылдың январь-апрель айларында Қарақалпақстан Республикасының импорт көлеми 62,5 млн. АҚШ долларын ҳәм 2023-жылдың сәйкес дәўирине салыстырғанда 92,1 % ти қурады.
Билимлендириў тараўындағы хызметлер
Қарақалпақстан Республикасында билимлендириў тараўындағы хызметлердиң улыўма көлеминде жоқары билимлендириў тараўындағы хызметлер үстинлик етип, 2024-жыл январь-апрель айларындағы үлеси 69,5 % ти қурады.
Ислеп шығаратуғын санаат
2024-жылдың январь-апрель айларында Қарақалпақстан Республикасында ислеп шығаратуғын санаат кәрханалары тәрепинен ислеп шығарылған өнимлер көлеми 5417,0 млрд. сум ямаса жәми ислеп шығарылған санаат өнимлериниң көлеминдеги үлеси 80,6 % ти қурады.
Дийқаншылық өнимлерин жетистириў
2024-жылдың январь-март айларында Қарақалпақстан Республикасында барлық түрдеги хожалықлар тәрепинен 276 тонна овощ 2023-жылдың январь-март айларына салыстырғанда 11,7.% ке көп жетистирилди.
ҚР статистика басқармасы мәлимлеме хызмети.
