«Мақсетим, Қарақалпақстанда IT тараўын раўажландырыў»

IT тараўы дүнья жүзи бойынша раўажланып атырған тараў. Ҳәзирги күнде дүнья жүзинде технологиялар, робот ҳәм санластырыў тез пәт пенен раўажланбақта. Мәмлекетимизде бул тараўды еле де жетилистириў мақсетинде көплеген жойбарлар әмелге асырылып, жаңа имканиятлар жаратылып атыр.

Бул бағдарда билим топлап, өз тәжирийбесин арттырып, нәтийжелерге ерисип атырған жаслар көпшиликти қурайды. IT тараўында жетискенликке ерискен жасларымыз арасында Қурал Атабаевты үлги сыпатында көрсетиўимиз мүмкин.

Қурал Атабаев Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң техника факультетинде оқып атырған ўақтынан баслап IT тараўына қызығып баслады. 2017-жылдан қурылыс тараўында инженер жобаластырыўшы болып жумыс ислеп, 2019-жылы Ташкент қаласында елимизди раўажландырыў ушын әмелге асырылған үлкен жобалардың бири болған Discovery Invest компаниясының “Tashkent city park” жойбары үстинде жумыс алып барған. Ол бир қанша жумысларда тәжирийбе топлап, өз билимлерин және де жетилистирген. Атап айтқанда, 2021-жылы Нөкис қаласы ҳәкимлигиниң қурылыс бөлиминде бас қәниге лаўазымында жумыс ислеп, бул тараўдағы халық мүрәжатларын үйренип, оларға унамлы шешим тапқан.

Қурал Атабаевтың IT тараўында қәниге сыпатында 2022-жылдан кирискен. Усы жылы ол IT park Қарақалпақстан Республикасы филиалында Start-up жойбарлары бойынша бас менеджер лаўазымында жумыс баслайды. Ол өз жумысы даўамында жасларды IT ға қызықтырып, 100 ден артық жойбаларды ислеп шығыўда әмелий жәрдем көрсеткен. Бул жойбарлар ишинде 15 тен артық жойбар жергиликли ҳәм сырт ел шөлкемлеринен жәми 1,6 миллиард сум грант жеңип алды. 2023-жылы бул көрсеткиш өсип, 20 жойбар сырт ел шөлкемлеринен 211 мың доллар грант жеңип алған болса, жергиликли фондлар ҳәм инвесторлардан 250 миллион сум грант жеңимпазына айланды. Бул көрсеткишлердиң өсиўинде, Қурал Атабаевтың жаслар менен бирге ислесиў ҳәм IT тараўында жаңа жойбарларды ойлап табыўдағы излениўшеңлигиниң орны гиреўли.

Ол жасларды IT тараўына қызықтырып, IT қәнигелери көбейиўи ушын түрли илажлар ҳәм жарысларды шөлкемлестирип киятыр. Атап айтқанда, 2022-жылы август айында Жаслар ислери агентлиги тәрепинен шөлкемлестирилген “Ташкент қаласына IT саяхат” жойбарын әмелге асырыўдағы пидайылығы ушын сертификат пенен сыйлықланған. Ал, 2023-жылы март айында Ташкент қаласында Орта Азия ҳаял-қызлары ушын шөлкемлестирилген “Tumaris Tech” халықаралық жойбарын өткериўде белсене қатнасты.

Қурал Атабаевтың бул тараўдағы хызметлери мәмлекетимиз басшылары тәрепинен жоқары баҳаланып, 2023-жылы “Үмит ушқыны” көкирек белгиси менен сыйлықланды.

– IT тараўы раўажланып, елимизде көплеген жаңа жойбарлар әмелге асырылмақта. Мен 5 жылдан берли қарақалпақстанлы IT қәнигелери менен бирге “Bizler group” IT компаниясын жүргизип киятырман. Бул компания жумысы даўамында бир қанша жергиликли ҳәм сырт ел IT өнимлерин жаратып келмекте. Ал, 2024-жылдың январь айынан баслап “Sirius IT academy” оқыў орайын шөлкемлестирдим. Бул оқыў орайында жаслар IT тараўы бойынша билим алыўы, тәжирийбе топлаўы, жергиликли ҳәм сырт ел компаниялары менен бирге ислесиўи мүмкин. Республикамыздағы IT қәнигелери санын арттырыў мақсетинде оқыў орайымыздың филиалларын шөлкемлестирип, жасларға бул тараўда билим беремиз. Ҳәзирги күнде “Sirius IT academy” оқыў орайының Шымбай ҳәм Қараөзек районларында филиаллары өз жумысын алып бармақта. Мақсетим, бул тараўдың елимизде және де раўажланыўына үлес қосып, Қарақалпақстандағы IT қәнигелери санын арттырыў. Сондай-ақ, бул тараўда өз келешегин жаратыўды қәлеген жасларды бир мақсет жолында бирлестириў.

Ҳәзирги күнде Қурал Атабаевтың шәкиртлери де жақсы нәтийжелерге ерисип киятыр. Ол тийкар салған “Sirius IT academy” оқыў орайы “Sirius пенен бирге раўажланың!” сүрени астында жасларымыздың билим дәрежесиниң артыўына хызмет етпекте.

Қурал Атабаевтың алдағы жумысларында табыслар тилеймиз. Елимизде усындай билимли жаслардың көбейиўин қәлеймиз.

Гүлчеҳра Айтмуратова, ҚМУ, Қарақалпақ филологиясы ҳәм журналистика факультетиниң журналистика тәлим бағдарының студенти.