3047 автомобильлерден жолаўшылар қанаатлана ма?

Бүгинги күнде қала ҳәм районларымызда жәми 194 транспорт кәрханалары бар болып усы кәрханаларда 3047 автомобильлер жолаўшыларға хызмет көрсетпекте. Соннан 235 автобус, 726 микроавтобус, 2086 жеңил автомашиналар (соның ишинде 1549 Дамас автомобильлери).

Сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасында автобусларда халыққа хызмет көрсетиўде шараятлар жаратып бериў, жөнелисли таксилердиң бағдарларына өзгерислер киритиў, оларды басқышпа-басқыш автобус ҳәм микроавтобуслар менен алмастырыў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси басшылығында «Nókisqalatransportxizmet» ЖШЖ шөлкемлестирилди ҳәм усы жәмийетке «Тошшәҳәртрансхизмат» АЖ ға тийисли 80 жана «Исузу» маркалы автобуслар алып келинди. Усы автобуслардың 40 данасына республика бюджетинен ажыратылған 3,3 млрд. сум қәрежет есабынан оңлаў жумыслары алып барылды ҳәм суйытылған газ үскенелери орнатылды.

Буннан тысқары GPS дүзилмеси орнатылған ҳәм де «АТТӨ» ЖШЖ тәрепинен стационар валидаторлар орнатылып, автоматластырылған төлеў қурылмалары менен тәмийинленип, халыққа жол ҳақыны нақ ҳәм банк пластик карталары менен төлеў имканияты енгизилди.

Ҳәзир усы автобуслар Нөкис қаласы ишинде 5-санлы «Шадлы аўыл – Темиржол вокзал», «Нөкис арқа батыс АВ», 15-санлы «Шымбай гүзары МПЖ. (2-санлы туб.емлеўхана) Үргениш трансгаз» жөнелис ҳәрекетлери жолға қойылды.

Усы жыл даўамында Қарақалпақстан Республикасы Транспорт министрлиги тәрепинен автобус, микроавтобус ҳәм жеңил автомобильлерде жолаўшыларды тасыўда 8366 лицензия қағазлары берилип, соннан 2 млрд. 550 млн 196 мың сум мәмлекет бажы пул ҳәм арзаларды көрип шығыўдан 241 млн. 349 мың сум өндирилди.

Жақында Қарақалпақстан Республикасы Транспорт министрлигинде баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлери менен биргеликте кеңейтилген баспасөз конференциясы болып өтти.

Онда министр Б.Юсупов, транспортты раўажландырыў бөлими бас қәнигелери М.Жиемуратов ҳәм М.Темирбеков пенен мәлимлеме хызмети бас қәнигеси З.Қалжановалар тәрепинен журналистлерди қызықтырған сораўларға толығы менен жуўап берилди.

Ш.СИЙПАТДИНОВ, Өз хабаршымыз.