Не ушын «жасармақта?»

Қантлы диабет – саламат турмыс тәризи менен тиккелей байланыслы кеселлик. Таңлай кеўип, шөлиң қанбай бирден азып кетиў, аяқ қақсап аўырыў, соңын ала бет-жүздиң мудамы қалқып исик пайда болыўы, көздиң көриўиниң төменлеўи ҳәм басқа белгилери бар. Еситкенде-ақ усындай қорқыныш пайда етеди бул кеселлик.

Бул кеселлик адамда жүзеге келип, емлениў ҳәм саўалыў жағынан ақыбети аўыр кеселликлердиң қатарына киреди.

Қәнигелердиң айтыўынша тәртипсиз аўқатланыў, кем ҳәрекетлик, социаллық факторлар яғный қорқыў, руўхый жарақатлар қантлы диабетти ҳәтте «жасартпақта» дейди. Алдынлары қырық жастан үлкен адамларда болған болса, ҳәзир жас балаларда да ушырамақта. Шаңарақта медициналық билимниң жоқары болыўы жүдә әҳмийетли.

Бүгинги күни бул кеселлик пенен аўыратуғынлар саны көбейип баратыр. Сонлықтан да денсаўлыққа итибарлы болыў ҳәр биримиздиң өз қолымызда.

Бийбисәнем ЖАББАРБЕРГЕНОВА, Ташкент педиатрия медицина институты магистранты.