Пердегүл Хожамуратованың «Анам түсиме енген күн» атамасындағы жаңа китабы баспадан шықты

Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген журналист Пердегүл Хожамуратова қарақалпақ журналистикасының көзге көринген талантлы, қәлеми өткир ўәкиллериниң бири. Ол журналистиканың түрли темаларында қәлем тербетип, оқыўшылардың кеўлине жетип баратуғын терең мазмунға ийе публицистикалары, очерклери, сәўбетлери менен пидайы журналист сыпатында журтшылығымызға таныс.

Өзбекстан Жазыўшылар аўқамының ағзасы П.Хожамуратованың «Ана сағынышы», «Ҳүждан суды», «Өмир белеслери», «Саған өтирик, маған шын», Қарақалпақстан халық жазыўшысы Муратбай Нызанов пенен биргеликте жазылған «Кегейли» китапларының авторы. Усындай оқыўшыларына ийе болған автордан және бир жаңалық «Жети ықлым» баспасынан «Анам түсиме енген күн» жаңа китабы баспадан шығып, оқыўшыларға инам етилмекте.

Талантлы журналист ҳәм илим докторы Тамара Машарипованың алғы сөзи менен басланған жаңа китапқа автордың ең соңғы дөретиўшилигинен «Қыз даўы», «Атадан алтаў болсаңда…» атлы гүрриңлери менен баспасөзде жарық көрген түрли жанрдағы дөретпелери киргизилген.

Белгили жазыўшы ҳәм журналист П.Хожамуратованың бул жаңа китабы да оқыўшылар дийдиндеги терең мазмунға ийе дөретпелериниң бири болатуғынына исенемиз. Биз бир оқыўшысы сыпатында дөретиўшилигине табыслар тилеп, және де жаңа дөретпелер күтемиз.

З.АБДИНИЯЗОВА.