Волонтёрлық ҳәрекети

Әсирлер даўамында адамлар бир-бирине көмек қолын созыў, ана-тәбиятқа бийпарық болмастан оны қорғаў сыяқлы инсаныйлық ҳәм пидайылық қәдириятларды ата-бабаларымыз биз әўладқа жеткерип берген. Бул улыўма инсаниятлық қәдириятлар раўажланып, ҳәзирги күнде жүдә үлкен социаллық ҳәрекетти, яғный волонтёрлық ҳәрекетин жүзеге келтирген.

Волонтёр – бул дүньяны жақсы тәрепке өзгертиўши, әлемге ҳәм ана-тәбиятқа меҳир нурын таратыўшы өз хызметин өзгеден аямайтуғын кеўилли инсан. Бул жәмийет ушын оғада әҳмийетли ҳәм пайдалы искерлик түри есапланады. Волонтёрлық искерлиги менен 3 жыл даўамында шуғылланып киятырман.

Өткен жыл 22-28-май күнлери Жиззақ ўәлаятында болып өткен «EcoCamp»ке қатнастым ҳәм Эко волонтёр болдым. Буннан тысқары, сол жылы Қарақалпақстан Республикасы атынан экология бойынша жойбарға қатнасып, 1-орынды алып 35 миллион пул сыйлығына ийе болдық.

Ҳәзирги ўақытта Қарақалпақстан Республикасында биринши Эко кординаторлар қатарындаман. Өз тараўым бойынша билимимди асырыў мақсетинде 2024-жыл 3–5-январь күнлери болып өткен «Плоггинг» ҳаққындағы еки күнлик семинар-тренингге қатнастым. Ҳәзирги күнде экология бойынша көп ғана жойбарларды әмелге асырыўды даўам етип, тәбиятымызды асыраў ҳәм бул тараўда жасларға үгит-нәсиятлар алып барыў жолында бирқанша режелерди алдымызға мақсет етип қойдық.

Бул ийгиликли ҳәрекет ҳәм хызметлеримиз нәтийжесинде мәмлекетимизде волонтёрлық жүдә үлкен күшке айланыўы ҳәм меҳрибан волонтёр жасларымыз саны көбейиўи, ең баслысы, экологиялық жойбарларымыз алға илгерлеп, тәбиятымызға унамлы тәсир көрсетиўине исенемиз ҳәм соған умтыламыз.

Дилфуза СЕЙТИМОВА