Соңғы қоңыраў кешесине жыйналғанлар ишинде Бийбиминәйым апаныңда оқыўшылары мектепти питкергенине отыз жыл болғанын белгилеп мектебине келди. Бийбиминәйым апа бәрин бирме-бир баўрына басып атыр. Оқыўшылары класына кирип муғаллими менен бирге өткен күнлерди еслеп апақ-шапақ болды. Сол ўақыт Бийбиминәйым апа бираз ойға талғандай сезилди. Себеби, парталарда өз орынларын таўып отырып алған оқыўшылары арасында Сәрбий жоқ еди.
Муғаллим, – деди Айсара. Мына өткен жыллар арықтан келген сары, сулыў қызды, келбети келискен кәйўаны хаялға айландырыпты. Жанындағы орын бос, ол Сәрбийдиң орны.
Мектепке киятырып Сәрбийдиң үйине барып, достымызды көрип шықтық, көринисинен наўқас адамға уқсамағанлықтан өзлеримиз бенен алып келетуғында болдық. Бирақ, анасы жибергиси келмеди, «қәпелимде аўырып қалар, келгенлериңниң өзи үлкен гәп, балларым берекет табыңлар», деўи менен апамыз куўанып қалды.
– Сәрбий бизлерди таныды менимше, таныса да өзин танымағанға алғандай болды – деди және бир қыз. Дым сөйлемейтуғын болып қалыпты, класымыздағы ең сулыў, шашы уп-узын, саўатлы, билгиш, ақыллы ҳәмме ҳәўес етип қарайтуғын қыз еди. Алласы аясын – деди және биреўи. Бийбиминәйым апа өзин айыплы адам санағандай төмен қарады. Ишинен өткен өтмишке қарай қайтты.
Гүз келиўден сол жыллары мектептиң жоқары класс оқыўшыларын пахта теримине алып кетип, дәслепки қар жаўмағанша қайтармас еди.
Бийбиминәйым муғаллим де жигирма жети оқыўшысын алып, Шоманайға пахта теримине қарай жол алды. Күнлердиң бир күнинде пахта терип атыздан кешлеў киятырған қызлар арасында Сәрбий арқасына қарап «биреў күлди ме деди». Ким күледи қорыққаныңды билдирмей өзиң күлип киятырсаң ба?» – деди Айсара. «Усы жерден өтсек бир қыздың сыңқылдап күлгени еситиле ме, даўысы жағымлы бирақ, тула бойың титиреп бирден жақпай қалады дә, және еситилмей қалады». Қызлардың изинде сөзлерин еситип киятырған муғаллимниң де ишинде қорқыў пайда болса да, билдирмеўге ҳәрекет етти. Пахталарға малынған атызлық, жийде тереклер, қып-қызыл мийўеден шақаларын көтере алмай турған сулыў көриниси кеш болғаннан қараңғылық түсип, көринбей қалады. Атыз арасы менен жатақжер арасы «ийт өлген жер» болғанлықтан, узақтағы ҳәр жердеги үйлердиң шырағы, свет болса жанып турғаны жылтырап көринсе, гейде свет болмай қап-қаранғы зимистан болады да турады. Ай да уясына батыў алдында әжайып сулыўлықта көринсе де, «қорыққанға қос көринеди» дегендей киятырғанларға қорқыў салады.
Усылай ерте таң атызға, кеште атыздан жатақ жайға асығып жүрип, ўақыт та өтип атыр.
Бирақ, үйин сағынып жүрген оқыўшыларға ўақыт бир жерде тоқтап қалғандай. Үйлерге келип жайғастырылған қызбалалардың жатақ жайына Бийбиминәйым муғаллим гезек қойып, бир күн ана үйде, бир күн мына үйде қызларының қасында болар еди. «Муғаллим, ертең атызға шыға аламыз ба? Мына жаўын тынар емес», дегенине, таң атсын көрер[1]миз ертерек жатың қызлар делиниўден ҳәмме уйқыға кетти. Таң азаннан екинши үйдеги қызлар ҳаўлығып «муғаллим Сәрбий жоқ орнында» дегенин еситип, төбесине муздай суў аўдарылғандай болды.
Не дейди распа дегенине Айсара басын екшип қойды. Ербалалар жатырған үйге жуўырып Батыр муғаллимге ап-заматта барғанын сезбей де қалды. Себеби, үй аралары жүдә жақын емес еди. Излеў ушын ҳәмме аяғын қолына алып, жән-жаққа жуўырды. Оқыўшылар болып атырған үй ийелери излеў салды. Көп ўақыт өтпей аўыл адамлары кийели жер, деп атайтуғын жийде терек қасына жақынлай бергенинде бет әлпетинен жығылып үсти-басы ылайға малынып, ыңырсып жатырған қызға көзлери түсти. Қорқыў және табылғанына қуўаныўы менен қызды өзине келтирип алды. Сәрбий неге ондай қылдың? Не болды? – деген сораўға үнсиз отырар еди. Төбе-шашы тик турған Бийбиминәйим өзин бираз басып қатты даўыс көтере бериўге де қысынды. Ойындағыны айталмады, исенбейин десе мына ўақыя.
Қыздың табылған жери жақсы жер емес. Бул ҳаққында аўыл арасында гәп жүрер, еди.
Ҳәр жылы пахта терими ўақтында оқыўшыларға толып кететуғын пахта атызынан қайтыў жолларының бири кийели жол» ямаса «Күлеберетуғын қыз» жолы, деп айтылса, биреўлер ҳеш нәрседе жоқ, неше жыллардан берли жасап атырмыз бизлер еситер едик, дер еди аўыл турғынлары.
Бир жылы жоқары оқыў орнында оқыйтуғын студентлер келди, қәпелимде аўыл арасында суўық хабар тарқалды. Усы жийде терекке барып бир студент қыз өз жанына қас етипти.
Бес-алты жыллықтағы бул ўақыя барлық аўыл адамларын бираз албыратты. Аўыл адамлары терек тусынан откенде тилине кәлийманы келтирип сескениңкирепте өтетуғын болды. Сәрбийдиң аўҳалы қатты аўыр жағдайда емес, сонда да муғаллимлер өз-ара сөйлесип үйине қайтарды. Сол жерге неге барғаны, түн жарпында жаўынлы түнде не себеп жийде тереклер тәрепке жол алғаны ҳәммеге жумбақлығынша қалды.
Аўыл жасы үлкенлери сол күни қыздың бахтына жаўын жаўғаны пайдасына болып, жаны аман қалды, батпақға аяқлары сырпалып жығылғаны, болмағанда ким билсин дегендей сөзлерди айтар еди. Айсараның бир гәпинде «биреў күлгендей бола ма?» – деп айтып еди Сәрбий деген сөзин еситкен Бийбиминәйым муғаллим, аўылға қайтыўға бармақ санап күн өтсе қуўанды.
Сәрбий наўқас таўып келгели ата-анасы апармаған жери қалмады. Ал, медицина болса түйирли гәп айталмай, тапсырған анализи жақсы шықты деўи менен қайтара берди. Жыллар өтти я саў емес, я наўқас емес үйинен де шықпай ҳеш ким менен сөйлеспей, терең ойға шөмип отырыўы менен арасында, күле беретуғын әдетин ҳеш қоймады. Күнлерин усылай өткизип жүре берди. Ата-анасы да не қыламыз перзентимиздиң алдымызда тири отырғанын тилейик – деўи менен шүкирлик етер еди.
«Келин, әжапаңа бесикти шайқаўға берип кете берме» дегенине «әжапам тек ҳеш ким менен сөйлеспегени ара тура күлгени болмаса неше жылдан берли зыяны тийгенин көрмедик, бесикти шайқаң – деп тапсырсаң шайқап отыра береди. Балам тыныш уйқлайды, мен үй жумысларына үлгеремен» деўи Сәрбийдиң анасының кеўлине бираз қәтиржамлылықты салды. «Қәйдем, келин-аў ертең бир күн бизлердиң көзимиз жумылса усы қыз сизлерге аманат. Ай десең аўзы бар, күн десең көзи бар әнедей-ақ қыз еди усындай болдығой қәйтейин», деп көзине жас алды ана байғус.
Соңғы ўақытлары келини «Ене әжапам өз-өзинен сөйленип отырғанын байқап қалдым. Күлмеймен, күлмеймен ағам күле берген нашарларды жини сүймейди, сениң күлген даўысың мағанда унамайды, айтымғо сол күни күле бермеее…. деп қысқарт енди деп гүбирлеп отырады» деди. Қандай жумбақ, қандай тилсим булардың бәри Сәрбийдиң әтирапындағыларға қараңғы.
Үйинен көшеге адым атып шықпайтуғын Сәрбий мектептен киятырып үйиниң тусынан өткен оқыўшы қызларға, нешинши классаң деп сорайтуғын әдетти шығарды. Егер 9-10-класта оқыймыз деп айтып қалса, пахтаға баратуғын ўақтыңыз екен деген сөзди айтыў ушын сыртқы дәрўаза таман шығып туратуғын қылығын баслаған екен. Ал, усы жыллары оқып отырған оқыўшы қызларымыз аң-таң болып пахтаға бармаймыз, пахта териў бизлерге емес ҳәзир оқыўшы пахта теримине алынбайды деген гәплерге Сәрбий ләм-лим демейди. Сизлер бахытлы заманда, оқып атырсыз онда деп ишине өкиниш туйғысын түйгендей сезиледи сыртқы көз-қарастан.
Не ушын пахтаға барған дәўирди еслеп қалды, үйдегилери ушын бул да жумбақ болды. Ҳеш ким Сәрбийге бақырмас еди, мейли есик алдында турып өтип баратырған адамлардан пахта терими ҳаққында сорай берсин, оның ҳеш зыяны жоқ деп ойлайды. Ол адамларға араласып, сөйлейтуғын болды.
С.Шаддинова, Мойнақ районы.
