ТӘРТИП ҚАҒЫЙДАҒА ӘМЕЛ ЕТЕЙИК

Халықты суйылтырылған газ бенен тәмийинлеў илажлары әмелге асырылып атырған бир ўақытта пуқаралар тәрепинен газ баллонлардан пайдаланыў қағыйдаларының бузылыў жағдайлары келип шықпақта. Ҳәттеки, айырым пуқаралар ѳткен әсирдиң 80-90-жылларында ислеп шығылған, сыртқы тәрепи улыўма жарамсыз ҳалға келип қалған газ баллонларынан пайдаланыўлары, газ баллонларды ўақты-ўақты менен сынаўдан, тексериўден ѳткериў, оларды асхана, жасаў ханаларынан бѳлек, күн нуры, ыссылық тәсиринен узақлықта, дийўал ҳәм темир шкафқа беккем байланған ҳалда, арнаўлы темир труба арқалы бириктирип, басымды нормада бериўши редуктор арқалы газ плитасына жалғап пайдаланыў кереклигин умытып қоймақта.
Газ баллонларды пайдаланыўда қатаң орнатылған тәртип-қағыйдаға әмел етиў кереклигин ҳәр бир үй бийкеси умытпаслығы ҳәм олар тѳмендегилерден ибарат екенлигин ядда тутыўы лазым.
Турмыслық газ баллонларды бѳлек ханада, темир шкаф ишинде ремен менен байланған, дийўал арқалы ѳткерип, труба менен газ плитасына басым пәсейттириўши үскене арқалы жалғанады. Газ баллонлар ѳлшемине қарай еки жылда бир мәртебе жоқары басымда суў менен толтырып сынаўдан ѳткериледи ҳәм үстки тәрепине тамға урыў жолы менен белги қойылады ямаса арнаўлы сынаўдан ѳткерилгенлигин тастыйықлаўшы ҳүжжети болыўы керек.
Автомобиллерге газ қуйыў шапақшаларынан газ баллонларға газ толтырыў қадаған етиледи. «Шимолгазтаъминот» УКна қараслы қалалық ҳәм районлық филиалларының арнаўлы автомашиналарында алып келинген ямаса районлық газ филиалларында ҳүжжет тийкарында алынған турмыслық газ баллонларынан пайдаланыўға рухсат етиледи. Газ баллонларда жасырын жоллар менен алып келиў, керегинен артық газ толтырыў аўыр ақыбетлерге алып келеди. Сол ушын ҳәр қандай қатаң тәртип қағыйдаларға әмел етсек ғана адамлар ѳмирин бахытсыз ҳәдийселерден сақлап қалатуғынлығымызды умытпаслығымыз керек.

М.Қайыпбергенов,
Хожели районы АЖБ профилактика ҳәм қадағалаў бѳлимшеси ѲҚхПБ жетекши инспекторы.