Жаслардың бос ўақытлары

21–23-июль күнлери Нөкис қаласындағы Жаслар орайы имаратында Жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы ҳәм «Арал-чесс» жуўапкершилиги шекленген жәмийети менен биргеликте 20-июль – «Халықаралық шахмат» күни мүнәсибети менен «Жаслар ҳәм шахмат» атамасында шахмат турнири болып өтти.

Жоқары дәрежеде шөлкемлестирилген бул турнирге республикамыздың қала ҳәм районларынан 12-30 жасқа шекемги 60 тан аслам жаслар, яғный, шахматқа қызығыўшы жаслар қатнасып, өз-ара беллести.

– Бул турнирди өткериўден мақсет жасларымыздың бос ўақытларын мазмунлы ҳәм кеўилли өткериў, сондай-ақ, бул спорт түрине қызығыўшы жасларды қамтып алыўдан ибарат. Бундай жарыслар ҳәр мәўсимде ҳәм жыл даўамында шөлкемлестирилип келинбекте, – дейди Жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы бас қәнигеси Айнура Есназарова.

Үш күн даўам еткен шахмат спорт түрине қатнасыўшылардан жеңимпазлар анықланды. Олардан қызлар арасында М.Оразмуҳаммедова 1-орын, Айнура Сәрсенбаева 2-орын, Ҳүрлиман Жолдасбаева 3-орын, ер балалар арасында Жамшид Айтымбетов 1-орын, Зинатдин Каримбаев 2-орын, Шахжахан Маматсалаев 3-орын жеңмпазлары деп табылып, баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.

Жарысты «Арал-чесс» шахмат клубы баслығы Бекзад Сапаев ҳәм «Арал-чесс» шахмат клубы тренери Нийетбай Бахиевлер бақлап барды7

З.АБДИНИЯЗОВА