– Базарымызды толтырып турған дийқан-фермерлерге рахмет. Мийнет етип жетистирген түрли мийўе-жемислериниң мазасы аўзыңнан кетпейди. Көзиң қуўанып таза жемислерден ала берип, сумкамды көтере алмай атырман, қызым көтерисип жибер, машынға минип алайын, – деп жасыүлкен апамыз орынлыққа отырды.
– Дурыс, апа ўақтында жетистирип, дастурханымыздың молшылығын тәмийинлеп турған инсанларға рахмет. Ҳәзир жаз мәўсими, барлық жемислер уўылжып писип атыр. Тойып жеп атырмыз. Үшинши бир жолаўшы: – сөзлериңизди бөлейин. Дурыс, ҳәзир писикшилик бирақ, мен 2-3 жерден чеснок баҳасын сорасам, 25-30 мың сум аралығында айтып отыр. Сәл қымбатырақ көрип киятырман… Усы палыз егини менен көп адам шуғылланбай ма ямаса тәрбия жумысы аўыр ма? Ҳақыйқатында да бул сораў ойландырады. Үй алды қыйтақ жерге үйренискен помидор, қыяр, болгар бурыш, гешир сыяқлы палыз егинлерин егемиз, чеснокты жылма-жыл егиўге үйренбегенбиз.
Орайлық дийқан базардағы чеснок сатыўшылардан баҳасын сәл қымбатырақ көрип турман? – дегенимде, чеснокты көп адам егип жетистире бермейди. Базарға аз келип тур, деген жуўапты алып, чеснок егиў тәртиби ҳәм тәрбиясы менен шуғылланатуғын адам изледик. Нөкисли Кеўлимжай Мустафаев пенен сәўбетлес болдым.
– Дийқаншылыққа жүдә қызығаман. Нөкис районындағы инновация орайында бир жыл бағман болып иследим. Чеснокты егип, жетистирдик. Мийнети аўыр, тәрбиясы қыйын деген түсиникте қалып, қыйтақ жеримизге егиўди үрдис етпегенбиз. Мысалы, жеримизге төгин берип суўға қандырсақ әлбетте, топырағы боз жақсы жер болады.
Ҳәзир 15-августқа шекем чеснокты егиўге ўақыт бар. Келеси август айында өнимин ала бересең. Реңи қызғыш-қоңыр чеснок түри жақсы болады. Еккен ўақтымызда сыртын қыршымаймыз, кеспеймиз. Кишкене бөлегиниң урты жағын жерге ойып тығып бир тегис қатара етип егемиз. Арасы шырпының қутысы қурамындай болыўы керек. Биогүмис төгинин төгемиз, көгерип шыққаннан соң бир ҳәпте ўақыт өтип, суўғарамыз.
Октябрь айында бир қарыстай болып өседи. Оннан соң ерте бәҳәр айында өсиўин даўам етип, қамыстай яғный пыяздай болып көгереди. Қамыстай болып турған шақаларының бирин қалдырып қалғанын қайырып буўамыз, соң өнимге күш береди. Жабайы шөплерди алып, аз-аздан суўғарып барамыз, көп суў талап етпейтуғын егин. Август айында яғный, усы ўақытлары жыйнап алып шаңарағыңа дәрамат киргизесең ямаса өзиң пайдаланасаң, саламатлыққа жүдә пайдалы өним…
Ҳақыйқатында да чеснок әййемги палыз егинлеринен есапланады. Әсиресе, Қытай мәмлекети бул палыз егинин көп жетистиреди. Саламатлығымызға пайда тәреплери, қан басымын пәсейттиреди, бактерияларға қарсы гүресип, иммунитетти асырады. Рак кеселлигиниң алдын алып, дектоксикацияға жәрдем берип, орташа ҳәм аўыр жөтелди емлейди.
Ҳақыйқатында да чеснокты муғдарында ҳәр күни пайдалансақ, әлбетте саламатлығымызда өзгерислерди сеземиз. Усындай денсаўлығымызға да, дәраматымызға да көп пайдасы бар палыз егинин үй алды қыйтақ жеримизге егип, өним жетистириўди үрдис етсек, базарларымызда чесноктың баҳасы арзанласады.
Зибира АБДИНИЯЗОВА.
