Қайсы тараўда жуўапкершилиги шекленген жәмийетлер саны көп?

Қайсы тараўда жуўапкершилиги шекленген жәмийетлер саны көп?

2024-жылдың 1-июль жағдайына Қарақалпақстан Республикасында жәми 15 724 жуўапкершилиги шекленген жәмийетлер хызмет көрсетип келмекте. Олар экономикалық ҳәрекет түрлери бойынша төмендегише: саўда тараўында – 5 354 санаат тараўында – 2 251 қурылыс тараўында – 1 556 аўыл, тоғай ҳәм балықшылық хожалығы тараўында – 2 324 тасыў ҳәм сақлаў тараўында – 837 жасаў ҳәм аўқатланыў бойынша хызметлер тараўында – 754 мәлимлеме ҳәм байланыс тараўында – 385 денсаўлықты сақлаў ҳәм социаллық хызметлер көрсетиў тараўында – 307 басқа тараўларда – 1 956.

Қарақалпақстан Республикасының усақлап сатыў товар айланысы

2024-жылдың январь-июнь айларында Қарақалпақстан Республикасының усақлап сатыў товар айланысы 5 220,6 млрд. сумды қурап, 2023-жылдың январь-июнь айларына салыстырғанда 107,3% ти қурады.

Қарақалпақстан Республикасында жалпы аймақлық өним көлеми

2024-жылдың январь– июнь айларында Қарақалпақстан Республикасы бойынша жалпы аймақлық өним көлеми әмелдеги баҳаларда 15 748,8 млрд. сумды қурады ҳәм 2023-жылдың январь-июнь айлары менен салыстырғанда 5,7 % ке өсти. Жалпы аймақлық өним дефлятор индекси 2023-жылдың январь–июнь айлары баҳаларға салыстырғанда 110,8 % ти қурады.

ҚР статистика басқармасы мәлимлеме хызмети.