Мәмлекетлик тест сынағы жуўмағы қашан шығады?

Ҳәр жылы август айы жоқары оқыў орынларына оқыўға талабанлар ушын үлкен толғанислы ўақыт. “Билеги күшли бирди, билими күшли мыңды” жығатуғын мәўритлерге аз ўақыт қалды.

Мәмлекетлик тест сынағын тапсырып шыққан абитуриентлер өзлериниң топлаған балынан хабардар. Базылардың әлле қашан ең жоқары балл алғаны да мәлим. Айырымлар анығын билиў тилегинде.

10-августқа шекем бағдар таңламаған абитуриентлер ЖООға қабыл етилмейди. Абитуриентлер 10-августқа шекем (сол күни де) жоқары билимлендириў мәкемелериниң бағдарларын таңлаўы талап етиледи.

Усы мазмундағы хабар барлық абитуриентлерди ҳәм ата-аналарын және де шешиўши пурсатларға аз ўақыт қалғанын ескертпекте.

Жақын күнлерде ең билими күшли жаслар жоқары оқыў орынларына студент болыў бахтына ериседи. Бул ҳаққында да газетамыз арқалы оқыйсыз.