Халықаралық олимпиада жеңимпазы

Президент мектебинен хош хабар. Жавохир Садуллаев Халықаралық физика олимпиадасының бронза медалы ийеси. Оҳоо, қандай мақтаныш, үлкен жетискенлик дейсең. Әлбетте, билимлилер ғана үлкен шоққыны ийелейди.

Жавохир Садуллаев Әмиўдәрья районында туўылып, 31-санлы улыўма билим бериў мектебинде билим алды. Билимге ықласы ҳәм қуштарлығы күшли болған ол 6-класс ўақтында пайтахтымыздағы Президент мектебине қабылланды.

«Дойнағында бар»ы белгили болғанындай ол, 8-класында Ал-Хорезмий олимпиадасының Өзбекстан Республикасы басқышында 1-орынды, 9-класында Пән олимпиадасының Қарақалпақстан Республикасы басқышында 1-орынды ийелеп, халықаралық олимпиадасына саралаўдың 1-басқышынан, соңынан 2-3-басқышларынан да өтип, Өзбекстан сайланды командасына қабылланды.

Басқа пәнлерге қарағанда физика пәнине қызығыўшылығы Жавохирди алға умтылдырып, пән бойынша билимлерин жетилистирип 9-класында Монголияда өткерилген АРНО Азия Физика олимпиадасына қатнасып, Япония мәмлекетинде болып өткен 53-Халықаралық физика олимпиадасына қатнасыў жолламасы қолға киргизеди ҳәм ең жас қатнасыўшы болып Өзбекстан сайланды командасында қатнасып қайтады.

Билим менен шыңланып, бираз нәтийжелерге ерискен ол, усы жылы саралаў олимпиадаларында да қатнасып, сайланды команда ағзасы болып, команда менен биргеликте Малайзия АРНО Азия физика олимпиадасына қатнасып, 54-IPHO ға жоллама алды ҳәм қола медалын колға киргизеди.

– Жавохир Садуллаевтың билимге талпынысы күшли. Логикасы, ойлап табыў қәбилети өзгеше. Барлық пәнлерге де ықласы күшли, бирақ физика пәнине қызығыўшылығы менен умтылысы айрықша болып, мудамы изленистеги оқыўшымның бири, – дейди пән муғаллими Оңғарбай Қурбанов.

Ҳақыйқатында да “Устазы жақсының устамы жақсы” дегендей Президент мектебинде жаратылған шараятлар менен имканиятлар, билимге қызықтырыўшы кәсип ийелериниң мийнетлериниң жемиси усындай нәтийжелер менен мақтанышқа айлана береди. Мақаламыздың тез ҳәм қысқа ўақыт аралығында таярланыўы себепли Жавохирдиң көпшилик нәтийжелери қамтылмай қалғанлары да бар.

Биз келешектиң билимли ҳәм мақтанышлы жасы Ж.Садуллаевтың ғәрезсизлигимиздиң 33 жыллығы қарсаңындағы жетискенлигин байрам саўғасы деп билемиз ҳәм еле де шыңланыўлар тилеймиз.

Зибира АБДИНИЯЗОВА