Дәрьямедиңиз, аспанбедиңиз, енежаным!

Түн жарық. Соншелли жарық… Кеше жапқан қалың қар ай нурлары менен уйғынласып, өзгеше сыйқыр бағышлайды. Бундай әжайып түн баўырында мәзи уйқылаў гүнә. Тек жазыў керек-буны. Мениң болса қәлемим үнсиз. Терезеге қарай берип, пикирим бөлине береди. Тап, бир нәрсе болыўы керектей. Бир нәрсе күтемен. Ҳәзир айна тықылдайды. Лекин, тынышлық мени түсинбейди. Айна тәреп тып-тыныш. Сақаў. Ақыры, сиз енди жоқсыз…

– Еле уйқыламай жазып отырсыз ба? Жумыслы, балалы ҳаялсыз, азырақ дем алсаң болмайды ма? Шырақты өшир, азырақ дем ал. Бул сизиң маған сирә батпайтуғын урысыңыз еди, ене. Ҳәр сапары киши бөлмемниң шырағы өшпейтуғынын көрип, әстен ғана қапыны қағып, сәл буйырыңқырап айтатуғын едиңиз – бул гәплерди.

Мен ғой жазыў-сызыўларым себепли уйқыламайман. Сиз ше? Сиз неге уйқыламайсыз, ене? Мениң шаршағанымды, бираз уйқылап дем алыў кереклигимди айтыў ушын жетпис жаслы кексе кемпир уйқысын бузып, шулықларын қыйналып таўып, кийинип шығыў шәрт пе? Қараң, мен де сондай болыўы шәрт деп түсинеди екенмен. Сиз шығып:

– Дем алың, уйқылаң деп “кейимегенше” отыра берер екенмен. Енди болса соны күтип я жаза аламан я уйқылай аламан. Сиз бенен он сегиз жыл бирге жасап, бул “кейиўлер” сыйқырының қаншелли күшли екенин сезбеппен, ене. Сизиң үйге келин болып түскенимде нан жабыўды билмес едим. Ташкент пенен Андижан аралығында барып-келип, үш жыл, беш жыл өтип кетти. Бир күни балаңыз гәпти көлденең таслады:

– Келин болып келген жериң аўыл. Күнде, күнара нан жабылады. Қалалығың, ақбилеклигиң сыймайды енди. Нан жабыўды үйрен. Егер нанды және анам жапса тандырды шаўып таслайман. Ертеңине жумыстан қайтсам сиз нан жаўып атыр екенсиз. Бирақ сиз:

– Келе ғой, мына себеттеги нанларды жайыңызға апарып жайып, орап қойың – дедиңиз. Жүзиңизде сирә наразылық кейип сезилмеди. Сәл өтпей балаңыз жумыстан келди. Асханада гүймеңлеп жүрип, нанды ораў ядымнан шықты. Кешки аўқатты дастурханға қойып, чай демлеў ушын сыртқа шықтым. Чайнек көтерип, ишке кирип киятырғанымда улыңыз бенен сәўбетиңиз қулағыма шалынды.

– Нанды ким жапты, апа.

– Өзиңиз анам нан жаўмасын деп буйрық берип кеттиң ғой, келиним жапты.

– Яғай.

– Мине, тикеш урыўда басқаша гүл салыўымды билесең ғой. Енди тикеш урыў, нанды сәл үлкенлеў етип жабыў шырайлы болатуғынын айтсам болады екен. Сонда да еплепти. Әстен үйренеди – десем де асықтыңаў, балам.

Қапының қасында турып қалдым. Усы ўақытлары қандай жағдайға түскенимди ҳәзир жеткериўим қыйын. Келини ушын нанды басқашалаў жайып, басқаша тикеш урып, және баласына мақтап айтыў ҳәмме қәйиненениң қолынан келмесе керек. Бул маған “нанды енди сен жаўасаң” дегенннен қаттырақ тәсир етти, ене.

Әсиресе, “әнендей нан жаўғаным ушын” балаңыздан саўға алғанымда жүдә қыйналдым. Сиз қандай устаз едиңиз, ене! Дәрьямедиңиз, аспанбедиңиз… Базыда кәсибим себепли шағым етиўшилер менен ушырасыўға туўры келеди. Усындай да көбирек қәйинене, келин урысына дус келемен.

«Ҳәмме жумысты ислесем де баласына жаманлайды. Мени жаман көреди. Басқа шығыўға жәрдем бермесеңиз жасамайман. Болмаса ажырасаман». Бул күйген келинниң асығыслық пенен еткен қарары. “Бул келин үйди таза тутпады, я аўқатты мазалы писирмеди. Жасанып жумысқа барыўды, күйеўине көйлек алдырыўды биледи. Және мениң менен айтысқаныңа не дейсиз? Болмайды. Барымды сарыплап балама анасы сүймеген қызды алпы беремен. Буның менен жасамайман”. Бул ашыўлы қәйиненениң гәплери.

Бундай сөзлерди еситкенимде бийықтыяр мүнайым келбетиңиз көз алдыма келеди. Сизиң бийҳазар нурлы жүзиңиз еле де қәдирлилеў түйиледи. Арыз етиў орнына келининиң қәтесин жасырыў, кеңпейиллик пенен тәрбиялаў, билмегенин үйретиў еди, сизиң пәзийлетиңиз. Дәрьямедиңиз, аспанбедиңиз. Бар-жоғы 5-класс саўатыңыз бар, өмири атызда кетпен, қанар қап көтериў менен өткен сиздей ҳаялдың бундай тәрбия усылы орыстың Макаренко деген алымына белгили ме екен?

Ҳәзир күн-ара нан жабаман. Тикеш урыўым да, нан жабыўым да сизге усайды. Буны сизиң кең пейил муғаллимлигиңиз үйретти, енежан. Сизиң бундай өзгешеликлериңизди қандай жеткериўге қәлемим әззи. Ҳәсиретти жақтырмас едиңиз. Гейде “жүреклерим тамам болды” деп қоясыз. Негизи бул гәпти ҳәмме ҳаял ислетеди. Бирақ, сизди тамам қылған дәрт басқалардикинен күшлирек екен. Сизиң күндесиңиз болған.

Изли-изинен қыз туўыла берген соң, ул туўмадыңыз деп кемситилген күнлериңиз күндесиңиз бенен жүзлестирипти. Бирақ, сол жылы улыңыз туўылған. Сиз сонда да күндесиңиз Зулфи енем менен де сен-менге бармапсыз. Атамның бул “еркеклигине” үнсизлик пенен ғана жуўап берипсиз. Зульфи енемниң үйинен үш-төрт күнлеп келмесе де писирген аўқатыңыздан пайын қойып, суўымасын – деп орап қояр екенсиз.

Аўқат алып қойып, таңға шекем уйқыламай отырған түнлериңизде жүрегиңизден нелерди өткердиңиз, енежаным-аў. Себеби, “ер бермек – жан бермек” деген ибараның аўырлығы жүрегиңизди тилип кететуғынын ҳаял заты жақсы биледи. Яки, сизде сабыр соншелли күшли ме? Яки, жасаўдың сондай бәлент-пәсиндеги әпиўайылықты таңладыңыз ба?

Сабыр, бул әпиўайылығыңыз Зулфи ененмнен өмиримниң ақырына шекем жеткен тәрбия еди. Оның шаңарағын бузбапсыз. Үлкен қызыңыз турмысқа шығарда оның менен ойласып, биргелесип тойды өткерипсиз. Зулфи енениң бийперзентлигин билдирмедиңиз. Сизиң бундай дәрьялығыңызды өле-өлгенше ҳүрметлеп өтти. Бир сапары “Неге өз қәдириңизди жерге урдыңыз?” деп сорадым “Күндес көрген күнлеримде жүдә қыйналғанман.

Усылардың есесине аллам маған Эгамбердижанымды саўға етти. Сол себеп Зулфи сиңлим саўапқа қалды дегенмен. Ҳәмме нәрседен жақсылық қыдырып жасаў ҳәммениң қолынан келе бермесе керек. Балажанлы едиңиз. Ақлықларыңыздың ҳәр қандай еркеликлери сирә кеўлиңизге тиймеди.

Қайтама бала менен баладай сәўбетлесип, оны қандай болмасын қуўандырыўды жақсы көрдиңиз. Қалтаңызға бир-еки писте, ерик, қант салып жүриўди үрдис еттиңиз. Зилала қызым бир жасқа толғанда жумысқа шығыўымды айтқанда өзиңиз, енежаным. Үйимиз Алтынкөлде, жумысым Андижанның орайында еди. Ойланбастан жумысқа шығып кете бериппен.

Негизи жигирма сотикли ҳәўлимизде жумыс аз болмады. Атызда ислеўдиң өзи бир дүнья болса. Жерди жақсы көрер едиңиз. Ҳәўлимизде бир де бос жер қалдырмайсыз. Сол себепли атызымыз толы, ҳәмме нәрсе егиледи. Мийўели тереклер де көп. Бәҳәр келип, тереклер гүллеўи менен айтатуғын шүкираналығыңыз болар еди.

“Жалғыз ғана улымның балалары шаўқым-сүрен салып, мийўели теректиң шақаларын ийип, қолы менен үзип алып жесин деп тилер едим. Тилегим келди. Қудайға шүкир”. Мийўелер емес палыз егинлери де бар атызымызда. Шекесине бир қысым райхан тағып, атызда гүймеңлеген сол ҳаял енди мениң бир жаслы, еркелиги бир дүнья қызымды ҳәм алып қалып, мени жумысқа шығарғанын еслесем, бүгин уялып кетемен.

Дәрьямедиңиз, аспанбедиңиз, енежан… Сол 1984-жылы еди. Жазыўшылар аўқамы ўәлаят бөлими режесине тийкарланып андижанлық бир топар дөретиўшилер әдебий ҳәптелик мүнәсибети менен Жиззахқа баратуғын болды. Бир ҳәптелик усы сапар ҳаққында үйге айтып келдим. (Өзим баралмаслығымды билсем де) Сиз балаңыз жибермеўинен қорыққандай асығып:

– Оқымыслы келин аламан, ҳүкимет исинде ислейди, балаларын өзим бағаман – деп қудайға ўәде берип қойған жерим бар. Қатардан қалма, барып ҳәптелигиңизди өткерип келебер, ҳәммени де шақырмайды бундайға – дедиңиз.

– Болмайды – деп балаңыз ҳайран болып жүзиңизге қарады. Мен де “яқ-аў” деп жибериппен.

– Зилаланы усы себепли ана сүттен ажыратып аламан. Келиним арық, қызы сүтке қаныққан сайын бетер азып кетти. Барса барып келсин. Бир ҳәпте деген не? Өзим еплеймен. Ҳәзир бул қыз сыйыр сүтине, аўқатқа бираз үйренди. Я қызыңды маған исенбей отырсаң ба? – деп балаңызға қарадыңыз. Ол сизге қарсы шыға алмады.

(Даўамы бар)

Қарақалпақшаға аўдарған: Арыўхан Турекеева.