Дәрьямедиңиз, аспанбедиңиз, енежаным!

Солай етип Жиззаққа кеттим. Ол жердеги көрген-билгенле — римди тил менен айтып жеткере алмайман. Андижанға бир әлем тәсирлер, жаңа илҳамлар менен қайттым. Қайттым-аў, бирақ Алтынкөлге жеткенше мың түрли қыяллар менен келдим. Қызым қәйиненемди қыйнаған болса ше яки кесел болып қалмады ма екен? Қәйиненемниң сүттен енди шыққан ақлығын алып қалып, келинин бир ҳәптелик сапарға жөнеткенин еситкенлер не дейди? Әсиресе, үлкен қәйинапам еситсе бар ма? Олсыз да мениң шайырлығымды, атыз ислерин ислемегенимди айтып гәп пенен «үзип» алар еди.

Мың қыяллар менен дәрўазаға байланған жипти (дәрўаза қулыпланбайды) әстен ашып кирдим. Үйде ҳеш ким жоқ екен. Сәл қәтиржам болып, өзимди дурыслап алдым. Ярым саатлардан соң бир қолыңызда ақлығыңыз, бир қолыңызда түйиншигиңиз бенен кирип келдиңиз. Аўылда ҳәр қандай той-мерекеге қуры қол барылмайды. Сиз де сол үрдисти бузбай, алты пәтир жаўып апарыпсыз.

– Ене, бала менен қыйналып, алты пәтир жаўып жыйынға барыпсыз. Қоңсылар гәп қылған шығар – деп қысынып атырман.

– Неге гәп таўады? Қайтама буларды мениң келиним писирди. Жазыўың болса жаза бер – деп ақлығымды алып шықтым – дедим.

Қаймаққа пискен пәтирди ҳәз етип жеп, сизге рахмет айтты. «Рахмет айтты» Дәрьямедиңиз, аспанбедиңиз, енежан!

Жаманымды жасырып, жақсымды асырып жүрдиңиз. Сонлықтан, аўылдағылар көп мәрте жақсы келин екенимди өзиме де айтты. Сиз мақтамағанда адамлар мени жақсы дермеди. Себеби, жумысларымнан артып, келинлик ислерин ислей алмай атырғанымды жақсы билемен. Сиз болса, дәрьямедиңиз, аспанбедиңиз. Бул адамгершилигиңизди қәлемим қандай тәриплейди? Қосық қатарларына қалай сыяды? Сиз пенсияға шыққанша пиллеши, пахта жеткериўши болдыңыз Сиз 23 жыл пенсия алдыңыз.

Бирақ, ҳәр сапары пенсия алғаныңызда көзлериңиз жасланып, қолларыңыз азырақ қалтырар еди. Бул себепсиз емес. 1958-жылы басқа аўылдан шаңарағы бузылып келген қәйинапасына үйин босатып берип, оған берилген жерге өзлери үй салып атырған пайытлары еди. Таза үйдиң тырнағын қалап атырғанда ҳәмме пилле тутып атырған ўақытлар. Баслық излеп келгенде:

– Үйимиз жоқ. Быйыл усы талапты ислемей-ақ қояйын – депти.

– Мен билмеймен. Бул партияның, мәмлекеттиң тапсырмасы – депти ол.

– Жағдайымды көрип турыпсыз десе де баслық көнбепти. Пилле қурты оралған қағаз жерге түсип кетипти. Сөзи сынып, қолы қайтарылған баслық ғәзепленипти. Кейин болса «пилле қуртын жерге шашып жиберди» деп жазып берип, дөхмет етипти. Сол себепли атам гә милицияға гә судтқа көп қатнады. Бирақ, сизге буны билдирмепти.

Себеби, дөхметтен езилиўиңизди қәлемепти. Бирақ, қағазға түскен бул айыплаў пенсияға шығып атырғанда өз күшин көрсетипти. Пенсия пулы қысқарылған. Сиз буны кейин билипсиз. Бирақ, бул ушын айтыспапсыз, қоңсы-қобаларға болып ҳәсиретиңизди төкпепсиз. Қоңсы досларыңыздан жүдә аз пенсия алып атырғаныңызға өзиңизден қапа болар екенсиз. Лекин, сизиң атызда жүрип пилле ҳәм пахтадан ең алдыңғы орында болғаныңызды ҳәмме биледи ғой. Неге қапа болғансыз? Неге айтыспадыңыз?

Соншама дәрьямедиңиз, әпиўайы едиңиз, енежан! Базыда өмирде пенсияға арзыйтуғын хызметлер етпесе де «жолын қылып» үлкен пулға қол қойып атырғанларды, яки кеселмен деп жалған қағаз толтырып, қырқ жастан-ақ пенсияға шығып атырғанларды көрсем сизиң мүнәйим жүзиңиз және де уллыланып, нурланып көринеди. Мен бул келбетиңизди ҳақыйқый жарытып бере алмайтуғынымнан қыйналаман.

Бирақ, уллылық, ҳәмме нурлы сөзлер қағазға сыя бермейди. Көшемиздеги Әмина, Халима, Карамат апалар достыңыз еди. Күнде, күн-ара бир-бириңиздиң үйиңизге барып «кемпир әңгиме» қылар едиңизлер. Бир күни нан жабыў ушын ун елеп отырсам көшеден келдиңиз де:

– Бүгин нан жаўмай-ақ қояйық. Халимаханның сыйыры сүттен шыққалы суўға қамыр ийлеп атыр екен (Аўылда қаралаў ун сүтке ийленеди). Бир қыйналдым ай. Бүгинги сүтти соған берейик – дедиңиз де азанда саўылған бир шелек сүтти алып, дәрўазаға қарай кеттиңиз. – Нанымыз таўсылған, нан табақ бос дедим бул жағдайды жақтырмай.

– Ҳеш нәрсе қылмайды. Бир күн буканка нан жеймиз. Сыйырдың бир желининде қоңсының ҳақы болады, қызым. Кеште сыйырыңды саўып, нан жаўа бересең. Мың машақатта (мениң ушын сондай еди) саўып келген бир шелек сүтти үндемей бериў жақпаса да қарсы шыға алмадым. Сизиң менен бар-жоғы 18 жыл ғана жасадым. Лекин, үйренгенлерим бир дүнья. Ҳәр сапары төркиниме барғанымда тандыр қурыўға жери жоқ оларға пыязлы помидор салынған мазалы тандыр нанларды берип жибериўди умытпадыңыз.

Бундай адамгершилигиңизден анам бәрқулла разы болған. Гәптиң ашығы анамның рахмет айтқанын көрип, аўылда жасағаныма разы болып кетер едим. Ядымда, бир сапары анама өзимше ақыллы болып бир қап арызнама көтерип барыппан.

– Аўыл менен қала арасында ат пенен түйедей парық бар екен. Аўылда пахтаның пақалы көп. Бул жылы да бир талай пақал жыйнадық. Бирақ, қудағайыңыз жүдә пысық, кеше тандыр отынға «атыздағы майда-шүйде шөплерди сал» – дейди. Буған қанша ашыўлансам да өзимди тутып турдым. «Сонша пақалды жақпай не қыласыз?» дедим ақыры шыдамай. Ашыўланғанымды көрип, өзи барып атыздан шөп-шарларды жыйнап шықты. Соларға араластырып, пақалды жағып, тандырды қыздырдық-аў.

– Қудағайым туўры ислепти. Сен наданлық қылыпсаң, қызым– деп гәп баслады анам (жайлары жәннеттен болсын). – Бириншиден, атызды жайратып жатырған шөп-шарларды жақсаң, тап-таза болады. Екиншиден, тандырға жағыўға мүмкин болған усы шөплерди өртейсең, яки шығындыға таслайсаң. Бул да жумыс болады. Және обалы бар. Үшиншиден, жақсы үй бийкеси ҳәмме нәрсени тежеўди биледи.

Бәлким, келеси жылы пақал ала алмаўы мүмкин. Сонда не қыласаң? Пақалсыз ким қыйналады? Өзиң. Аўыл шараятында күнде, күн-ара тандырға нан жабылады. Сен болсаң өзиңди ақыллы санап «өзимди тыйдым» дейсең. Уялмастан, ашыўландым дегениңе не дейин? Еле де қәйиненең кең пейил, жуўас. Орнында мен болғанда көресинди көрсетер едим. Мени қапа болмасын десең қудағайымнан бүгин барып, кеширим сора. «Қәйиненели келин қарқара келин, қәйиненесиз келин масқара келин» деген нақыл бар. Есиңди жый. Мен болса үнсиз қалдым.

– Қарқара дегени қус па? – деп сорадым.

– Қызым, жаным, қус болғанда да жүдә шырайлы, бийнуқсан, кем ушырасатуғын қус. Қәйиненесиниң нәсиятларына қулақ салып, оларға әмел қылған, тазалықлы, шаққан, қунтлы келинлерди усы қусқа усатады. Қарқара келин үйжайы жайрап, атызы ыбырсып жатырған болмайды. Ол шалалық қылмайды, қызым.

Яғный, усы қустай қәдирли, таптырмас, абырайлы болады. Мине, бүгин өзимниң де жасым биразға барды. Қарқара келин болдым ба болмадым ба билмеймен. Бирақ, сизден көп нәрселерди үйрендим. Нәсиятларыңыз бирим-бирим ядыма түседи. «Дарўазадан қоңсы-қоба кирип келсе, асығып, алдынан шық, қызым, Сәлем берип болыўдан үйден таза көрпеше алып келип, салың. Көрпеше салынып тур деме. Бул келген адамның ҳүрмети ушын салынады. Әдетимиз сондай, өзбекшилигимиз бул. Асханаңыз бәрқулла таза турсын. Гешир, гөшти туўрап болған соң ислеткен тахтайды жуўып, терис қаратып, тиккесине қой. Ширесине қумырысқа келсе, ҳарам болады. Қазаны жуўыўсыз қалған үйдиң берекети қашады. Бул аўыл. Сонлықтан асханада еки шелек суў артықша турсын. Суўдың бетин ашық қалдырма. Ядыңнан шығып, ашық қалдырсаң, пайдаланба, ҳарам болады. Ерте таңнан көше сыпырғаныңызда қоңсының да үйиниң алдын қосып сыпыр. Усы күнлери келини үйинде жоқ. Сирә қыйналмаң. Сиз жумысларыңыз бенен кеткенде оның келини де талай мәрте сыпырып қойған. Бул да өзбекшилик, қызым». Дем алыс күнлери кир жуўыўға таярлық баслаймыз. Азанғы дастурханды жыйнайман дегенше сиз үлкен қазанды отқа қоясыз. Соң тандырдың күлинен елеп, таўарға орап, қазандағы суўға таслайсыз. «Бул ҳақыйқый сабын. Кирлериңиз ағарады» дер едиңиз. Буны мениң электр үскенесинде суў ысытқанымда, сода-сабыным таўсылды – деп қыйналғанымда қылар едиңиз.

Негизи «затларды тежеп ислетиң, сабын болмаса усындай етип пайдалан» десеңиз де болар еди. Дарьямедиңиз, аспанбедиңиз, енежаным. Мине, сизиң бүгин өзбекшиликтиң ҳәмме дәстүрлерин билетуғын, әпиўайы, бийҳазар сабақ берген билгиш муғаллим болғаныңызды билип турман. Және келин менен қәйинене арасындағы жәнжеллерге қатнасаман. Бул мениң исим. Қағыйда сондай, арыз қылған ҳәр қандай сәўбетлес өзин ҳақ деп биледи. – Кетип қалдым. Басқа илажым қалмады. Қәйинене бәри бир ана болмас екен.

– Қәйинене не үмитлер менен келин қылады. Улының шаңарақлы, перзентли болыўын қәлейди. Сандығына келинге деп зат жыйнап, үйме-үй қыз излейди. Қыз таўған соң елге той береди, сиңлим–деп бираз тыңлап болып, пикиримди билдиремен.

– Отырсам опақ, турсам сопақ, ҳәмме исимнен қәте табады. Гәпине итибар бермей де көрдим. Даланы сыпырсам изимнен қайтадан сыпырады. Жуўған ыдысларымды ылақтырып жибереди. Бир кесе шыл-перше болды, апа. Исенесиз бе кесе емес мениң кеўлим сынды. Айтысып қалдым. Сол ўақытлары баласы келди. Ол «даўысыңды өшир» деп маған «қол көтерди». Сонша жумысларды ислеп алған рахметим усы.

Өз төркинимде азырақ жумыс ислесем анам алғыслар еди. Ҳәттеки, қәлеген затымды сатып әпереди. Әкеме де мақтайды. Бул жерде қанша ислесең де жақпайсаң. Айыбыңды таўып, жәнжел шығарады. Күйеўим сөзимди сөйлейди десем анасының гәпи деп мени урды. Ажырасаман. Күним өтпей қалмас. Бул келинди жақсы таныйман. Қурғын шаңарақтың қызы. Өзи айтпақшы: Анамның қарнына сыйған, кең үйиме де сыяман.

Анасы да бираз қайсар. Усы қызы ушын барын сарыплаған. «Қәйинене ана болмас екен». Келиншектиң бул қарары мени бираз ойландырып қойды. Туўры, оның қәйиненеси үй тутымында бираз режели болғанын түсиндим. Бирақ, сол ене өзин аспанда услап, сиздей болып данышпан болмаған көринеди. Келининиң уқыпсызлығы ашыўын келтирген. Нәзеримде, «өмирден тойып» үйине кетип қалған келинниң қәтеси аз емес.

Бәлким, үй әтирапын кеўилдегидей сыпырмағандур. Оған қәйиненеси жәнжелкеш, әзирейли болып көрине қалған. Егер усы қыз үйинде кемпир апасының айтқан нәсиятын еситкенде бундай асығыслық етпеген болар еди. Түн жарық. Соншелли жарықлығынан уйықлаў гүнә. Тек усы айдын түнге усаған жақсы қыял сүриў, сағыныштан рәҳәтлениў дәркар. Әлем сыйқырлы, мен сыйқырланғандайман. Туйғыларымдағы арзыўлар нелигин билмей қыйналаман. Қәлемим болса буларды жаза алмай титирейди. Ақыры, дәрьяны дәрьядай, аспанды аспандай қағазға жайластырып, сыйдырыў қыйын.

Бир ентигемен, толып кетемен, тамағымды күйдирип шыққан тамшы көзлеримнен қағазға тырстырс тамады. Қәлемим жүрди «Дәрьядай тасқан, аспаншелли кең муғаллимим, енем, жайың жәннеттен болсын».

Қарақалпақшаға аўдарған: Арыўхан ТУРЕКЕЕВА.