Жаңа оқыў жылы – жаңа қуўанышлар

Жаңа оқыў жылының басланыўына да санаўлы күнлер қалды. Сентябрьдиң дәслепки оқыў күниниң сәни хәм қуўанышы өз алдына. Ақ бантиклери өзлерине жарасып, китап толы папкисин асынған оқыўшылар мектеп қушағына асығады. Бул әжайып күн ата-аналар ушын да қуўанышлы, умытылмас күн.

Соңғы ўақытлары ана мектеп ҳәм қәдирдан классларда оқыўшылардың оқыўға ықласы хәм интасы жаңаша түс алған. Оқыўшылар сабақларға қосымша өзлери қызыққан дөгереклерге қатнасып, таярлық топарларға барып жетискенликлерге ерисип атыр. Шет тиллерин үйренип сертификат алмақта.

Көпшилик ата-аналар перзентлериниң берилген қосымша квота арқалы жоқары оқыў орнына оқыўға  кирип студент болып атырғанынан шексиз қуўанышқа бөленип атыр. Ал, перзентиниң мектепке туңғыш қәдем қойып, 1-классқа барып атырған ата-аналардың қуўанышы өз алдына. Сол қатарда мен де усындай қуўанышқа бөленип атырған аналардың биримен. Кишкене перзентимиз мектептиң 1-классына барып атыр. Үлкен қызымыз жоқары оқыў орнын табыслы тамамлап, өзи оқыған мектебине муғаллим болып устазлық жолын баслап атыр.

Перзентлеримизди заман талабына сай етип тәрбиялап өсириў-ўақыт талабы.Оқыў ҳәм излениў менен жаңа шеклерге ерисиў мүмкинлигине ҳәммениң исеними кәмил.

Надира ИЩАНОВА,

Нөкис қаласы, 36-санлы мектептиң баслаўыш класс муғаллими.