Кишкенелигимизден Хожели районымыздың ең ески тарийхый естеликлер көплиги менен мақтанып өстик. Мектепте хәм үйде басқа орынларда да районымыз тарийхы хаққында көп гүрриңлер айтылар еди. Балалық изде қалып, үлкен қалаларға оқыў ушын атланып кеттик. Оқыў, соң жумыс, шаңарақ қулласы аўылдан узақластық. Аўылыма ҳәр барған сайын жаңалықлар шырайына шырай қосып атырған өзгерислер, абаданластырыў заманагөй қурылыслардың гүўасы боламан. Ҳәттеки, бизлер жазда суўынан шықпайтуғын жап-салмалардың да еки әтирапы бетонланып, суп-сулыў шатырлар қурылып, салқын сая етилген. Жүзлерин күн алған мийнеткеш аўылласларымның көпшилиги баяғыдай ат-ешек арбада емес,ал кишкене тиркемеси бар мотокөликлер менен көринеди. Ең баслысы,олардың көзлери күлимлейди. Аўылда ержеткен жаслар илгери ўақыттағыдай сыртқа кетиў азайыпты. Елимизде жасларға кең мүмкиншиликлер берилип атыр. Нәтийжеде олар өз үйлеринен кирип-шығып жумыслы болып атыр. Буның өзи ата-аналар ушын, шаңарағы ушын үлкен бахыт.
Кешке таман аўылымның «мал байлаў»шайын иштим. Көп өтпей кеш болды дегендей алдын қара маллар изинен қой-жанлықлар өз үйлери таман айырылып туўры қораларына асықпақта. Базы қалалылардағыдай керилип, еринип турған адам жоқ. Шаққанлық пенен маллар жайғастырылды.
Аўылымда алдынлары ағаш уста, темирши, қолы гүл өнерментлер жүдә азшылықты қурайтуғын болса, ҳәзир оларды көплеп ушыратыўға болады. Шет тиллерин үйренип үлкен таңлаўларда беллесип атырған перзентлеримизди көрип және де сүйсиндим.
Аўылымның алтын далалары, дақыллары ырғалып маған хош бол, келип тур дегендей болады.
Гүлайым КУРМАНОВА,
Нөкис транспорт техникумы психологи. Ҳаял-қызлар шөлкеми баслығы.
