Соңғы жыллары республикамыз аймағында жайласқан шомылыў қадаған етилген суў ҳәўизлеринде, дәрья, канал ҳәм көллерде инсанлардың суўға кетиўи менен байланыслы бахытсыз ҳәдийселер артып бармақта. Жүз берип атырған бахытсыз ҳәдийселерде әсиресе, жас өспиримлердиң қараўсыз қалдырыўлары, айырым пуқаралардың дус келген орынларда шомылыўлары, жүзиў қағыйдаларын билмеўлери, бийик жерлерден (көпир, терек, тик жарлар) бойын таслаўлары, спиртли ишимликлер ишип суўға түсиўлери баслы себеплерден болып қалмақта.
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң “Өзбекстан Республикасы акваторияларының пляж зоналарында дем алыўшылардың қәўипсизлигин тәмийинлеўге тийисли қосымша ис-илажлар ҳаққында”ғы қарарының 1-қосымшасына муўапық тастыйықланған “Өзбекстан Республикасы акваторияларының пляж зоналарында пляжларды үскенелеў ҳәм олардан пайдаланыў, сондай-ақ, пуқаралардың қәўипсизлигин қорғаў тәртиби ҳаққында”ғы Режениң VI бөлим 26-бәнтинде үскенеленген пляжларға, сондай-ақ, суўда халықтың дем алыў орынлары сыпатында пайдаланыў ушын рухсатнамаға ийе болмаған каналлар, көллер, өрт өшириў ҳәўизлери, суў толтырылған каналлар ҳәм басқада суў ҳәўизлеринде шомылыў қадаған етилген. Бундай кеўилсиз ҳәдийселердиң алдын алыў мақсетинде районымыздағы шомылыў қадаған етилген канал бойларына “Шомылыў қадаған етиледи” белгилери орнатылып, район ҳәкими тәрепинен дүзилген исши топар қурамы ағзалары тәрепинен күнделикли рәўиште рейд жумыслары алып барылмақта. Рейдлер даўамында жас өспирим балалардың, ҳәттеки жүзиўди билмейтуғын жас балалардың қараўсыз ҳалда шомылыў жағдайлары анықланбақта.
Ҳүрметли пуқаралар суўда шөгиў менен байланыслы болған бахытсыз ҳәдийселердиң алдын алыў мақсетинде шомылыў қадаған етилген суў ҳәўизлеринде, дәрья, канал ҳәм көллерде шомылмаўыңызды, жас өспирим балаларды қараўсыз қалдырмаўыңызды, бийик жерлер есапланған көпир, терек, тик жарлардан бой таслаўларларға жол қоймаўыңызды ҳәм спиртли ишимликлер ишип суўға шомылмаўыңызды соранып қаламыз.
Р.Исаев,
Нөкис районы АЖМТ ҳәм ПҚ бөлимшеси баслығы, капитан.
