Минайым Палўанова 1977-жылы Шымбай районында әпиўайы жумысшы инсанлар шаңарағында дүньяға келди. Мектеп дәўирлеринен баслап-ақ, илим ҳәм билим алыўға жаны қумар қыз, ҳәр бир сабақтан жақсы баҳаларға оқып, досларына өрнек болып жүрди. Әсиресе, тил үйрениўге деген аса қызығыўшылығы шет тили ҳәм әдебияты қәнигелигине ҳүжжет тапсырыўына ийтермелейди. Мектепте жүрген ўақытларда-ақ жәмийетлик жумысларда белсене қатнасып, өткерилген байрам илажларында көркем әлебий оқыў шеберлигин көрсетип, талай рет сахналарда қосық оқыған Минайым ўақытлар өтип журналист сыпатында жумыс ислеўин қыялына да келтирген емес.
Шаңарақ – ол еки жастың меҳир-муҳаббатынан жаралады. Ҳүрмет-иззет, сыйласық ҳәм арзыў-әрманлар бирлиги менен жуплықлардың өмири көркейип, толысып бара береди. Бахытбек ҳәм Минайымлардың да қурған шаңарағы әне, сондай гөззал сезимлерден нәр алып, бир-биреўине болған ҳүрмет ҳәм сыйласық арқасында беккемленип бара берди. Бири-биринен сулыў, ақыллы 3 перзентли болды. Шаңарақ үлкейген сайын оның машқалалары да үлкейеди. Жақсы ҳаял үйдеги машқалаларды көшеге алып шықпай, жоғын жасырып, қолда барына шүкиршилик етип жасайды. Минайым Палўанованың басқаларға уқсамайтуғын тәрепи де сол, барына қанаат етип, өмирде шүкиршилик пенен жасаўы.
Бир ҳаялға үй жумыслары менен қоса ҳүкиметлик жумыста ислеў аңсат емес. Ал, енди өз кәсибине қоса үлкен бир жәмәәтти басқарыў, халықтың дийдинен шығыўдай жуўапкершилиги оғада аўыр болған теле ҳәм радиоканалларды жүргизиў ше? Бизиңше аңсат ис емес. Бирақ, мақаламыз қаҳарманы бул жумысларды өзине машқала сыпатында қарамайды. Қайта булардың бәрин «маған жүклетилген үлкен ўазыйпа ҳәм оны орынлаў халқым алдындағы парызым» – деп билди.
– Көпшилик жақсы биледи, бул жойбардың авторы өмирлик жолдасым Бахытбек Елманов. Бул каналларды ашыўдың өзи аңсатлық пенен болған жоқ. Оны мен жақсы билемен. Талай рет машқалаларға дусласты. Ең алды менен «Нөкис–ФМ» радиосын ашыўдағы қыйыншылықлар, техникаларды елимизге алып кириўдеги машқалалар, булардың бәрин жеңип, гөзлеген мақсетиниң изинен қалмай исленген жумыслардың жемиси болғанлығы ушын оған мен де жуўапкерлилик пенен қарайман. Ең дәслеп өмирлик жолдасым шет еллерде ис тәжирийбесин алмасыўда жүрип, сол жердеги радио каналларды көрип, ҳәўес етип сондай каналларды Қарақалпақстанда да ашыўды қәлейтуғын еди ҳәм бул оның үлкен мақсетине айланды. 2009-жылы бул нийети әмелге асты ҳәм «Нөкис–ФМ» радиосы республикамыздағы ең биринши мәмлекетлик емес радио канал болып ашылды. Сол ўақыттағы оның қуўанышы өзгеше еди. Сөз бенен жеткерип бере алмайман-дейди ол.
Бахытбек Елманов халқымыз турмысында үлкен из қалдырған, жаңалық жаратқан новатор журналистлерден бири еди. Оның басламасы менен 2018-жылы 21-январьда «Нөкис–ФМ»ниң қасынан «Жаслар–ТВ» телеканалы ашылды ҳәм жәмийет жумыслары және де кеңейип, жаңа жумыс орынлары жаратылып, жаслардың бәнтлиги тәмийинленди. Бул каналлар енди раўажланып, өз ықласбентлерин тапқан бир дәўирде 2020-жыл Бахытбек Елманов тосаттан қайтыс болып қалды.
– 2018-жылы өмирлик жолдасым Қарақалпақстан телерадио компаниясына директор етип тайынланды. Соған байланыслы бул каналларды жүргизиўди Бахытбек маған исенип тапсырды. Туўры, өмирлик жолдасымның қасында жүрип, тараўдың сырларын үйренген болсам да, бул жуўапкершиликти мойныма алып, оны жүргизиў маған бираз қыйын болды. Көбирек өз кәсибимде жумыс ислеп, оқыўшыларға сабақ бериўди мақул көретуғын едим. Бәрқулла «Бахытбек, енди өзиңниң жумысыңды өзиң қайта қолға алың, мен де өзимниң жумысларымды даўам етейин. Илимий жумысларымды ислейин, жақлайын – деп айтатуғын едим. Ол болса: яқшы, яқшы деп отырған ўақытта ойламаған жерде қайтыс болып қалды. Өмирлик жолдасым тосаттан өмирден өтиўи ҳәммемизди албыратып қойды. Алты айға дейин өзиме келе алмадым. Елеге шекем исениў қыйын, – дейди ол(көзине жас алып).
Тәғдир. Ол гейде татлы, гейде ашшы мәўритлерди инәм етеди. Ҳеш бир адам оған көнбестен, оған бойсынбастан қалмайды екен. Бахытбек Елмановтың дүньядан өтиўи де аўыр мүсийбет болды. Оның бул дүньяны тәрк етиўи тек шаңарағы ҳәм дөретиўшилик жәмәәт ушын емес, пүткил халқымыз ушын да үлкен жоғалтыў еди. Себеби, ол өз искерлиги, жаңалыққа умтылыўы, шөлкемлестириўшилик қәбилети менен көпшиликтиң кеўлинен орын алып үлгерди.
Инсанның сабырлылығы әйне қыйын күнлерде, аўыр жоғалтыўларда сыналады. Күшли инсанлар ғана бундай демлерди жеңе алады. Минайым Палўанова усындай сынақлардан мәрдана өте алды. Тәғдир соққыларына жеңилместен, өмирлик жолдасының баслап кеткен жумысларын өз мойнына алып, оның шала қалған жумысларын даўам еттириўге беккем бел байлады. Ярымы исленбей шала қалған жойбарларды әмелге асырыўды өзине ўазыйпа деп билди ҳәм жән-тәни менен радио ҳәм телеканалдың раўажланыўы ушын тынымсыз ҳәрекет етти. Ең алды менен телеканалда сапалы бағдарламалар таярлаў ушын жас кадрлардың тәжирийбесин арттырыў зәрүрлигин түсинип, оларды республикада өткерилетуғын түрли атамадағы үлкен семинарларға турақлы қатнастырып барыўды жолға қойды. Соның нәтийжесинде жас журналистлер жаңа креатив идеялар менен жаңаша форматтағы бағдарламалар таярлаўға ерисе баслады.
– Тынымсыз мийнетлеримиз өз нәтийжесин бере баслады. Радиоеситтириўлеримиз пүткил республика бойлап тарқалыўын Бахытбек көп әрман ететуғын еди. Бул нийетлеримиз де орынланып, Беруний ҳәм Тахтакөпир районларының халқы «Нөкис–ФМ» радиосын тыңлап, «Жаслар–ТВ» телеканалын тамаша етиў имканиятына еристи, – дейди ол бүгинги табыслары ҳаққында толып-тасып. – Бир қанша таңлаўларда жеңимпаз болдық, көплеген жойбарларға қатнасып, өз басламаларымызды әмелге асырдық. Радио ҳәм телевидениениң техникалық базасын жоқарылаттық. Жаңа камера, микрафон, компьютер ҳәм басқа да зәрүр үскенелер сатып алдық. Бир сөз бенен айтқанда мүмкиншилигимиз кеңейди, жумыс күшимиз артты.
Минайым Палўанованың искерлиги менен танысар екенбиз, ол қайсы жерде болмасын, сол жерде өзиниң тийкарғы ўазыйпасын атқарып киятырған, өз мәпинен гөре өзгелер мәпин, халық ийгилигин жоқары қоятуғын ҳаяллардан екенлигиниң гүўасымыз. Муғалимшиликтей әдиўли кәсипти де мүлтиксиз атқарып, жас әўладқа тәлим-тәрбия берип киятырған болса, дөретиўшилик жәмәәтте өмирлик жолдасы сыяқлы жасларға мудамы жәрдем қолын созып, олардың басламаларын қоллап қуўатлап, жаңа талантларды жүзеге шығарыўға имканият жаратпақта. Басшы болыўына қарамастан ҳәр бир қол астында ислеўшилер менен жақын достай пикирлесип, кимисине аналық, кимисине әжапалық ақыл кеңесин берип киятырғанлығы оның жоқары адамгершиликли пазыйлетлерге ийе екенлигинен дерек береди.
Ҳәр қандай қыйын күнлердиң артынан әлбетте, қуўанышлы күнлер келеди. Тек оған исениў ҳәм ҳәрекеттен тоқтамаў керек. Минайым Палўанова да ҳәрекеттен тоқтамады. Оқыды, изленди, журналистика тараўында өз тәжирийбесин арттырыўға, жаңа билимлерге ийе болыўға ҳәрекет етти. 2018-жылы Deutsche Welle ҳәм Журналистика университети тәрепинен шөлкемлестирилген “Основы Медияменеджмента”, 2019-жылда Қазақстанда болып өткен Орта Азия журналистлери форумында катнасты. 2023-жылы болса Қытай Халық республикасында Россия, Қазақстан, Қырғызстан ҳәм Өзбекстан ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасыўында өткерилген «Интервью тур»да қатнасып қайтыўы сөзимиздиң дәлийли. Ҳәр қандай изленис ҳәм мийнет баҳаланбай қалмайды. Минайым Палўанованың мийнетлери бүгин өзиниң мүнәсип баҳасын таўып атыр. Ол 2023-жылы 12-декабрьде «Өзбекстан Миллий медия Бирлеспесиниң 20 жыллығы» естелик нышаны менен сыйлықланған болса, 27-июнь – «Баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлери күни» байрамы қарсаңында Өзбекстан Республикасы Президентиниң тийисли пәрманына муўапық «Дослық» ордени менен сыйлықланды. Әлбетте, бул бостан-босқа тағылған орден емес. Оның артында қанша мийнет, қанша уйқысыз түнлер ҳәм машақатлар жатырғаны қаҳарманымыздың өзине ғана мәлим.
Минайымдай қызларға «ҳаял ертенги күн жаратыўшысы!» – деп бийкарға тәрийп берилмейди. Ҳақыйқатында да ҳаял өз перзентлерин ғана емес, жәмийетти де тәрбиялайды. Сол арқалы ертенги күн тийкарын жаратады. Биз бүгинги мақаламыз қаҳарманын да сондай көп қырлы тәреплери арқалы, оқыў дәргайында жасларға тәлим-тәрбия берсе, телевидение ҳәм радио арқалы миллетти тәрбиялаўға өз үлесин қосып атырғанын көремиз.
Муслима МАМБЕТНИЯЗОВА,
журналист.
