Баланың дәслепки сөзлерин айтып, шүлдирлеп сөйлей баслаўы да бир әлем қуўаныш алып келеди. Базы жағдайларда айырым балаларда сөйлеў кемшилиги ушырасады. Бул сөйлеў пәтиниң өлшеми ҳәм бир тегислигиниң бузылыўы менен тәрийпленеди. Базы сөзлерди тыңлап, түсиниў гейде қыйын болады. Тутлығып сөйлеўде-сөйлеў аппараты булшық етлериниң бир тегис ислей алмаўы, тамырларының талшықларының тартылып қалыўы себеп болады. Бул әсиресе, еки жастан бес жасқа шекемги балаларда ушырасады.
Тутлығатуғын балаларды тексериўден өткериў комплексли түрде (логопед невропатолог, психолог) зәрүрлигине қарай, басқа қәнигелерди педиатр, отолоринголог биргеликте ата-аналар қатнасында 1-сентябрьден 15-октябрь аралығында әмелге асырылады. Кемшиликтиң келип шығыў себеплери ҳәм улыўма денсаўлығы үйрениледи.
Шыпакер көрсетпеси менен тийисли дәри ҳәм емлерди өз ўақтында алып барыў жақсы нәтийже береди. Егер тутлығыўшы балалар өз ўақтында тийисли қәнигелерге көрсетилмесе, бала сөйлеў барысында басын шеп тәрепке ямаса оң тәрепке бурып айталмайтуғын сөзлерин сол тәризде айтып баслайды. Тутығылыўды көбирек дем алыў шынығыўлары менен емлеўге болады. Яғный, шар, жеңил топ, қағазға исленген мийўели терек, пәтпелек, шамларды турақлы түрде үплетиў ҳәм невропатолог жазып берген дәрилерди ўақтында алыўы тийис.
Гүлпаршын Амангосова,
Нөкис, 53-санлы МШБШның логопед-оқытыўшысы.
