– Балаларым, шайға отырмай, ерте таңнан атызларды аралап, егинлердиң арасынан бир жүрип өтиң. Себеби, егинлер инсанның меҳри менен жетилиседи, өнимдарлығын ықласыңа жараса береди, — деп әкем Мырзамурат Бердибаев бизлерди дийқаншылыққа қызықтырып, тәрбия жумысларында тәжирийбелерин үйретип келеди, – дейди Рахат Хожанов.
Әлбетте инсанда ықлас, меҳир ҳәм қызығыўшылық болса, ҳәр қандай исиңде нәтийже болары анық. Хожели районы, “Әмиўдәрья” аўыл пуқаралар жыйыны аймағында туўылып, аўылдың таўсылмас жумысларына қанық болып өскен Рахат Хожанов бүгинде кең дала майданларында мол өним жетистирмекте.
Ол жоқары мағлыўматлы жас қәниге. 2020-жылы Нөкис Аграр университетиниң бакалавр, 2023-жылы магистратураға оқыўға түсип, табыслы питкерип, билимлерин жетилистирген ол, билим ҳәм тәжирийбесин ис жүзинде көрсетпекте. Өзбекстан Республикасы Президентиниң “Жасларға жер ажыратыў арқалы олардың дәраматларын арттырыў ҳәм бәнтлигин тәмийинлеў, сондай-ақ жаңа жер майданларын өзлестириў илажлары ҳаққында”ғы қарары тийкарында Хожели районы “Әмиўдәрья” АПЖ аймағынан 149 гектар жер майданы “Жаслар дәптери”не киргизилген 172 жасқа ажыратылып берилип, олардың егин егип қосымша дәрамат алыўы ушын барлық жәрдемлер көрсетилген.
– Жумыссыз жас есабында 1 гектар жер берилип, районлық жаслар ислери агентлиги егин егиўиме көп жәрдем берди. Ажыратылған егислик жерге гүнжи егип, 1 тонна өним жетистирип, дийдимдегидей дәраматқа ийе болдым, – дейди Рахат Хожанов.
Қайсы егин қандай ўақытлары егилиў кереклиги, қандай тәрбия берилип, қанша өним жетилистириў, қанша дәрамат табыў жолларын үйренип, оқып тәжирийбе топлаған усындай жас қәнигелеримиз көбейсе, әлбетте гүздеги алтын қырманымыз ҳәм дастурханымыз молшылығы тәмийинленеди.
Рахат Хожановтың алдағы ўақытта фермер хожалығын ашып, билимимди халық дастурханының молшылығына жумсасам деген нийетлерине бизде қосылып, нийети жолдасы болыўын тилеймиз.
Зибира АБДИНИЯЗОВА, Арнаўлы хабаршымыз.
