Тарийх бетлерине мөрленген жетискенлик

– 2018-жылдан, яғный, 6 жылдан бери спорттың самбо гүрес түри менен шуғылланып келгенмен. Туўылып өскен аўылымнан 18 км. узақлықта жайласқан спорт залында тренер Расул Балтабаевтан турақлы түрде шынығыўлар үйренгенмен. Неге енди самбо  деўиңиз мүмкин? Себеби, сол ўақытлары жақын әтирапта басқа спорт шынығыўлары ҳәм тренерлер болмаған. Әкем Алишер Сабуров иним екеўимизге  ҳәр қыйлы спорт шынығыўларын ислетип, бизлерди спортқа  қызықтырған ҳәм самбо түрине апарған. 

Перзент келешегин узақтан болжаған әкеге мәнзилдиң узақлығы ҳеш гәп емес екен дейсең, Шахзоданың мақтанышлы жетискенлигине қуўанып.

Шахзода Азатова 2019-жылдан баслап жәҳән чемпионатлары менен жәҳән кубокларына қатнасып, сыйлы орынларды ийелеп, елимиз байрағын желбиретип спорт жылнамасына жаңалықлар киргизген. Ол 2020-жылы 5-8-ноябрь күнлери Сербия мәмлекетиниң Нови-Сад қаласында болып өткен  жәҳән чемпионатында 3-орын, 2021-жыл 4-6-июнь күнлери Ташкент қаласында болып өткен Азия чемпионатында 1-орын, 2022-жыл 17-19-февраль күнлери Ташкент қаласында ересеклер арасында өткерилген Өзбекстан чемпионатында Самбо түринен 3-орын, 2023-жыл 11-14-март күнлери спорттың жаўынгер самбо түри бойынша Өзбекстан чемпионатында 1-орын, усы жыл 5-11-июнь күнлери спорттың жаўынгерлик самбо түри бойынша ҳаял-қызлар арасында Азия ҳәм Океания чемпионатында 1-орын, 22-23-август күнлери жәҳән кубогында 1-орын, 2024-жыл 15-16-август күнлери Қырғызстан Республикасының Чолпон-ата қаласында спорттың жаўынгер самбо түри бойынша ҳаял-қызлар арасында Жәҳән кубогинде 1-орынларды ийелеп келген.

Шахзода Азатова өзиниң шаққанлығы ҳәм епшиллиги, тәжирийбеси менен усындай көплеген спорт жарысларында жеңимпазлықты қолға киргизип киятырған жас спортшымыз елимиз мақтанышына сазаўар болмақта. Жәҳән чемпионының бийкар алмағанын көплеген жеңислери менен көрсетип киятыр.

Спорт тарийхында  үлкен из қалдыр­ған Шахзода Азатова жақында 8-10-ноябрь күнлери Қазақстан пайтахты Астана қаласында Өзбекстан тарийхында биринши мәрте ҳаял-қызлар арасында өткерилген жәҳән спортында тарийхый нәтийжени көрсетип, биринши алтын медаль ийеси болып, 2025-жыл август айында болып өтетуғын жәҳән спорт ойынларына қатнасыў жолламасын қолға киргизди.

– Ересек ҳаял-қызлар арасында биринши мәрте жаўынгерлик самбо спорт бойынша жәҳән чемпионатында Қазақстан, Түркменстан, Қытай, Беларуссия сыяқлы мәмлекетлердиң спортшылары менен жарыста монголиялы спортшыдан үстин келип, 1-орынға миясар болдым. Ең итибарлы тәрепи, Өзбекстан спорты тарийхында ҳаял-қызлар арасында ең туңғыш алтын медалды алғанымнан қуўанышлыман,–дейди Өзбекстан мәмлекетлик денетәрбия ҳәм спорт университети Нөкис филиалы 3-курс студенти жәҳән чемпионы Ш.Азатова.

Жәҳән чемпионатына дүнья жүзиниң 80 нен аслам мәмлекетинен спортшылар қатнасып, жеңимпазлық ушын гүресип, ҳәрекет еткен жерлесимиз елликқалалы Шахзода Азатова жетискенлиги менен мақтанышымызға айланды. Бәрекелла, чемпион қызым! Сизден еле де көп нәтийжелер, табыслар күтемиз.

Зибира Абдиниязова.