Бизлер еккен сексеўиллер

Бүгинги күнде экологиялық жағдайды жақсылаў, ҳаўаның тазалығын сақлаў, орынларда жасыл қапламалы майданларды пайда етиўдей ғалабалық иске ҳеш ким бийпарық қарай алмайды. “Әҳмийетли қырық күн”, Гүзги терек егиў мәўсими шеңбериндеги “Жасыл мәкан” акция­сы үлкен-кишини ийгиликли иске бирлестирмекте.

Жақында Арал теңизимиздиң қурыған ултанына сексеўил егиў исине және бир топар кеўиллилер барып өз үлесин қосып келди. Яғный, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети Денемәденияты теория ҳәм методика кафедрасы доценти, Елабад сайлаў округи Жоқарғы Кеңес депутаты Ольга Ниязованың басшылығында  пайтахтымыздағы бир қатар Кардар, Президент мектеплери, Прогресс тил үйрениў орайы, 37-санлы ҳәм 12-санлы мектеплериниң жоқары класс оқыўшылары менен биргеликте кеўилли шыпакерлер, жас эколог волентерлардан ибарат болды.

– Миллий тикланиш демократиялық партиямыздың өз бағдарламасына тийкар, жас әўладты Ўатан сүйиўшилик, қоршаған орталықты, жасыл тәбиятты асырап-абайлаў, экология ҳаққындағы түсиниклеримизди және де асырыў бағдарындағы тийисли орынлар менен биргеликте алып барылыўы тийис жумысларымызды әмелге асырыў баслы ўазыйпаларымыздан саналады. Көпшиликтиң биринши барыўы екен. Үлкен умтылмас әжайып тәсирлерге бөленди. Сонша узақ мәнзилди өтип, жол жүрип барсақта шаршаў кейин шегинеди екен. Барлық қатнасыўшылар 5000 мың түп сексеўил нәлин өз қоллары менен ектик. Бәҳәрде және барып еккен сексеўиллеримиздиң тамыр урып, бой созып өскенлигин көриўге келемиз, – дейди олар.

Жумагүл Ембергенова,  өз хабаршымыз.