Ғалаба хабар қуралларыныӊ ишинде радионыӊ да өзине тән өзгешеликлери бар. Оннан таралып атырған қулаққа жағымлы ҳаўазларды, кеўилге қонымлы қанатлы қосықларды еситиў арқалы инсан жүрегинде гөззал эстетикалық сезимлер оянады. Елимиздиӊ сиясий-экономикалық, жәмийетлик-мәдений турмысында жүз берип атырған еӊ әҳмийетли ўақыя-ҳәдийселер, соӊғы жаӊалықлар оператив түрде санаўлы пурсатлар ишинде радиотолқынлар арқалы тыӊлаўшыларға жеткерилип барылады. Еӊ баслысы, радионы қай жерде болсақ та, мәселен, үйде, жәмийетлик орынларда, автотранспортларда, жумыс орынларында еситиў мүмкиншилигине ийемиз.
ϴзиниӊ дерлик бир әсирге шамалас тарийхына ийе Қарақалпақстан радиоканалын көп жыллардан берли қунт пенен тыӊлап бараман. «Жаӊа күн», «Кеўил мүлки», «Руўхыйлық бостаны», «Миллет ҳәм мәнәўият», «Аталар сөзи – ақылдыӊ көзи», «Жаӊаланыў қәдемлери», «Тилге итибар – елге итибар», «Ибрат», «Пикирлер кесилиспеси», «Саяхат ҳәм туризм» сыяқлы бир қатар еситтириўлер бизиӊ руўхый дүньямызды байытып, жәмийетлик көзқарасларымызды жетилистирип келмекте.
Студентлик дәўиримде қаншадан-қанша талант ийелериниӊ кеўиллерине қанат бағышлап, үлкен дөретиўшилик ислерге руўхландырған Қарақалпақстан телерадиокомпаниясына дәслепки мәрте қәдем қойып, пайызлы студияда толып-тасып сөйлегенлеримди айрықша толқынланыўшылық пенен еслеймен. Сол демлерде белгили радиожурналист, әжайып ҳаўаз ийеси, «Алтын қәлем» миллий сыйлығыныӊ лауреаты Дилбар Қыдырниязова бизди жыллы жүзлилик пенен күтип алып, жақыннан сәўбетлескен еди. Соннан баслап бул дәргайда жемисли ислеп киятырған талантлы журналистлерден Дилбар Ганиева, Гүлназ Нурбекова, Гүлзар Қалбаева, Замира Ережепова, Феруза Қожықбаева, Индира Жамалова, Зыяда Сапаровалардыӊ авторлығында таярланып атырған бир-биринен қызықлы еситтириўлерде өзимиздиӊ пикирлеримиз, көзқарасларымыз бенен қатнасып барыўға ҳәрекет етип келмектемиз.
ϴз кәсибиниӊ жетик маманы болған белгили журналистлер менен болған есте қаларлықтай мазмунлы сәўбетлесиўлер, пикир алысыўлар бизиӊ кеўлимизди толқынландырып, жаӊадан-жаӊа шығармаларды дөретиўге илҳамландырады. Қәлемимизге тийисли айырым намалы қосықларды радиотолқынлар арқалы еситкен мәўритлердеги кеўил кеширмелеримди, қуўаныш сезимлеримди сөз бенен жеткерип бере алмайман. Улыўма алғанда, бул қәдирдан дәргай бизге дөретиўшилик бахтын сезиндире алды.
Биринши миллий радиоканалымыз бүгинги заманласларымыздыӊ талғамына, руўхый талапларына жуўап беретуғын өзиниӊ әжайып еситтириўлери менен кеўиллерге азық бағышлай береди деген исенимдемиз.
Бахытлы САРЫБАЕВ,
И.Юсупов атындағы дөретиўшилик мектебиниӊ қарақалпақ тили ҳәм әдебияты пәни муғаллими.
