Абаданластырыўға қосылған үлес

Қыстың суўығында да, жаздың жәзийрама ыссысында да барлық орынларда ушыратыўымыз мүмкин болған кәсип ийелери булар абаданластырыў хызметкерлери. Базы да олардың ҳәтте  ўақыт пенен санаспастан ерте таңнан көше бойларын гүлзарларға  айландырып атырған өзине тән болған жумысларының гүўасы боламыз. Қоршаған орталығымыз ҳәм қаламыз көшелериниң тазалығы көрген көзди  қуўантады. Әпиўайы жумыслардан ибарат болса да, келтиретуғын пайдасы жүдә үлкен екени түсиникли.

– Басқармамыз тәрепинен 2024-жыл “Жасыл мәкан” улыўма миллий халықлық  жойбары тийкарында бәҳәр мәўсиминде 180 мың дана терек нәллери егилди. Терек нәллерин жетилистириўши нәлханамызда бәҳәр мәўсиминде 130 мың дана (35000 дана катальпа, 40 000 дана тут нәллери, 17300 дана ясень, 37 300 дана колифорния ақ терек нәллери қәлемшелери) таярланып қала аймағына егилди.

Усы жылдан баслап қаламыздың орайлық көше бойларына, қыябанларға ҳәр жылы егилетуғын мәўсимлик гүллер орнына көп жыллық 510 мың дана роза гүли нәллери егилди ҳәм агротехникалық усылда тәрбиялаў жумыслары алып барылды.

Сондай-ақ, басқармамызда 1,5 сотих жер майданына ыссыхана шөлкемлестирилип, онда 701 мыңнан аслам ҳәр түрдеги гүл нәллери жетилистирилди, – дейди Нөкис қалалық абаданластырыў басқармасы баслығы Аширхан Юсупов.

Қаламыздағы А.Досназаров көшеси бойларын абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў жумыслары даўамында 420 дана  “Слива Писардий” терек нәллери ҳәм ҳәр түрдеги 103 дана  пута (кустарник) нәллери егиледи. Соның менен бирге 4200 кв.м көк шөп усылында газонлар отырғызылған. “Жасыл мәкан” улыўма миллий халықлық жойбары шеңберинде гүзги  мәўсимде Абаданластырыў басқармасы тәрепинен қала аймағына 75 мың дана ҳәр қыйлы терек нәллери егилген. Бул терек нәллери  басқарманың нәл жетистириў нәлханасында таярланып, қаламыз бойлап жеткерип берилиўи тәмийинленген.

Абаданластырыў басқармасы жылдың төрт мәўсиминде де өзлерине бекитилген ўазыйпаларын инабатлы атқарады. Бәҳәр келсе жап-салмаларды қазып, әтирапын керексиз шөплерден тазалаўға кириседи.

Нәлшелердиң нәрўан терек болып өсиўи ушын асырап-абайлап, күтимин береди.

Жазда болса рәңбә-рең гүллерди инам етеди. Гүз жумыслары да аңсат емес. Жыйналған жапырақлар ҳәм қуўраған от-шөплерден тазартыўға кириседи.

Қыста болса суп-сулыў көшелеримиздиң қар басып жатыўына жол қоймайды.

Сондай-ақ, басқарма бир қатар автотранспортлар менен тәмийинленген. 12  жүк тасыўшылар, 2 автокран, 4 автовышка, 9 суўтасыўшы жүк тийеўши, автогрейдер ҳәм 7 шығындыларды шығарыўшы арнаўлы автомашиналар, жол тазалаўшы машиналар қала аймағындағы абаданластырыў, көклемзарластырыў санитариялық тазалаў ҳәм қурылыс-оңлаў жумысларын алып барыўда хызмет етип атыр. Қала аймағында көшелердиң түнги жақтыландырыў дизимин жетилистириў басқышпа-басқыш әмелге асырылып атыр. Жақтыландырыў дизимин күнниң талабына муўапық заманагөй қуяш панеллери арқалы энергия алып ислеўши түнги жақтыландырыў шырақларына алмастырыў ҳәм орнатыўды жолға қойыў режелестирип атыр.

Ирригация тармақлары бойынша да унамлы жумысларын көриўимизге болады. Дослық каналынан ирригация тармақлары арқалы қала аймағындағы жол бойлары, қыябанларды, егислик майданларды ҳәм халықтың тамарқа жерлерин ағын суў менен тәмийинлеп киятыр. Басқарма есабындағы 38 дана ағын суў жеткерип бериўши ирригация электр насослары ҳәм 318 км. ирригация тармақлары арқалы улыўма 497 гектар жер майданларын ағын суў менен тәмийинлейди.

Тазалыққа таққа турған абаданластырыўшылар Нөкис қаласындағы 11 орындағы қойымшылықларда әтирап-дөгереклерди тазалаў, абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў, қәбиристан ишинде тазалық жумысларын күнделикли алып барады. “Сәлмен ата” қойымшылығы әтирапын қоршалаў жумыслары басқарма есабынан әмелге асырылып, ҳәзирги ўақытта 820 метр аралықта жаңадан қорған қурыў жумыслары қойымшылығы әтирапын қоршаў жумыслары да басланып, ҳәзирги күнде 200 метрден аслам қорған қурыў жумыслары әмелге асырылып, бул жумыслар даўам етпекте.

Мине, жаңа 2025-жылға «Қоршаған-орталықты қорғаў ҳәм «жасыл» экономика жылы» деп атама берилди. Қоршаған әтирапымызды гүллендириў ҳәр биримиздиң өз қолымызда екенлигин және де терең түсиниўге шақырады.

Жумагүл  ЕМБЕРГЕНОВА, Өз хабаршымыз.