– Жаңа жылда қандай саўғалар алыўды қәлейсиз?
– Әлбетте, мазалы торт ҳәм шырайлы гүл. Гүл болғанда қандай букетли яки өсетуғын гүл?
– Әлбетте, түбекте өсирилген гүлди таңлаған болар едим. Себеби, ол күн сайын өсип, кеўлиңди көтереди. Ал, букеттеги гүл бир ҳәптеден кейин реңин өзгерткен соң илажсыз таслап жибересең. Бирақ, бизде гүл түбегиндеги емес, буклетли гүл менен қутлықлаў дәстүр болып кеткен. Сораўларым жуўабы көбирек усылай жуўмақ таба берди. Бирақ, Нөкис қаласы турғыны Замира Халмуратованың жуўабы ҳақыйқый жуўап болып, кеўлимди гүлдей жайнатты.
– Сораўыңыздан ой-пикириңизди аңлағандайман. Байрамлар қарсаңында гүлдиң қарыйдары көбейеди. Көбирек буклет гүллерге.
Мине, жаңа жыл да келди. Торт пенен гүл саўға ретинде жарасады. Жақын инсаныңның кеўли көтерилип қалады. Бирақ, өзим гүл түбекте өсетуғын гүлдиң шайдасыман. Сизге айтсам, бир мәкемеде жумыс иследим. Жумыс орным жаўылып атырғанда, бөлим баслығым (атын айтпайақ қояйын) мына мебелди ал, ул-қызларыңа керек-ғо дегенде, дүньяға қызықпай, маған айна алдындағы алоэ гүлин бериң дегенмен. Кеўлимниң соншелли гүлге байланғанын соннан билиң. Ҳәр күни жумыс орнымдағы айна алдындағы алоэ гүлин қолыма алып, қарап тойып алатуғын едим. Той-мерекелерге яки қыдырып барған шаңарақлардың айна (терезе) алдыларына бирден қарайман. Маған дүньясы керек емес, гүл турса кеўлим көтериледи. Қалаға келсем, гүл базарынан бир айналып кетемен. Кишкене болса да гүл сатып алып, өсирип, сатпайман, саўғаға апараман. Мени дүнья қызықтырмаған, гүлге қызыққаным ушын жайнап-жаснайман, жасараман…
Сәўбетлес апамыз менен биргеликте Орайлық базардағы гүл сататуғын орынға барып, ол гүл сатып алып жолын даўам етсе, мениң гүлшилер шаңарағының ағзалары менен сораў-жуўабымыз даўам етти.
Шаңарақлы исбилерменлер Бахрам Абдуллаев пенен Гүлназ Кудияровалар Хожели районы “Саманкөл” аймағының турғынлары.
– Мен ата кәсибин даўам еттириўши гүлшилер шаңарағының ағзасыман. Ата-анам гүл өсириўге қызығып өзлерине кәсип етип алып, бизлерге де үйреткен ҳәм қызықтырған. Келиншегим Гүлназ менен биргеликте гүллерди көбейтип шаңарақлық исбилерменлигин жүргиземиз. Мийнетимиз арқасында 2 сотих жерге теплица ислеп, гүлдиң 70 ге жақын түрин жетистирип, халқымыздың қуўанышлы күнлерине, шаңарақларының пайызлығына азда болса үлесимизди қосып киятырмыз, – дейди Бахрам Абдуллаев.
Ҳақыйқатында да гүл инсан кеўлин жасартып, көзиңди қуўантады. Бул гүлшилердиң гүллерине қарап турып қыс мәўсимин умытып, ақ, қызыл ғумшаларын ашқан гүллер бизди жасыл мәканға апарып таслағандай сезимин оятады. Гүл жасартады деген апамыздың сөзи тастығын таптаў дейсең…
Гүл түбегиндеги сулыў гүллердиң қарыйдарлары әйне қыс мәўсиминде көбирек кимлер сатып алады? – деп Гүлназға сораў менен қарағанымызда;–көбинесе оқыў ҳәм тазадан ашылып атырған жумыс орынларына деп сатып алады. Гүл түбектеги гүлдиң базары бәҳәр ҳәм гүз мәўсимлеринде болады.
Қарыйдар талғамы ҳәм таңлаўы ҳәр қыйлы. Соңғы ўақытлары голланд, қытай гүллерине талап күшли. Ҳаял бахты, еркек бахты, доллар аты менен аталатуғын гүллерди қарыйдарлар көп сорайды. Қуўанышлы күнлерге саўғаға деп сатып алады. Бул гүллер де буклет гүллердей жайнап, ғумшаларын ашып турады.
“Мийнети аўыр ҳәр қандай истиң мийўеси татлы” дегениндей гүлшилер шаңарағының бул кәсип пенен шуғылланғанына ҳәм базарда өз орнын таўып, қарыйдар талғамына қарай 20 жылдан аслам ўақыт хызмет етти. Мийнетлеримиздиң нәтийжеси үш улды камалға келтирип, гүлдиң арқасында имарат қурып, машина миндик. Буның бәрин ата кәсибиниң жемиси деп билемиз, – деген гүлшилердиң қарыйдарлары көп болып, халқымыздың жақсы күнлерине хызмет етиўин тилеймиз.
Зибира АБДИНИЯЗОВА, Арнаўлы хабаршымыз.
