Ҳүрметке ылайық инсан

Мен көбинесе әскерий формада жүретуғын Өсербай Нуржановты ушырасыӯларда, жас өспиримлер дөретиӯшилиги тийкарында жарық көрип атырған жаңа китаплардың бет ашар мәресимлеринде көрип туратуғын едим. Шәкиртлериңиз қанша өзи?

– 500 ден асламырақ.

Мен шәкиртлериниң алдындағы абырай-мәртебесине сүйсинип қарадым. Буннан кейин де жумыс орнына барып, болып өткен кешелерде ушырасып,  ол ҳаққында бираз мағлыӯмат топладым.

Өсербай Нуржанов 1966-жылы Хожели районында туӯылған. Әлбетте, балалық дәӯирде адамның ой-қыялы ушқыр, арзыӯ-нийетлери пәк ҳәм басым болады. Тилекке қарсы, көпшилик жағдайда бундай талпыныслар өзгерип, мийнет жоллары басқа тәрепке бурылыс жасайды. Басқалар қатары ол да кишкене ўақтында әскерлер қатарында хызмет атқарыӯды мақсет ететуғын еди. Жыллар өтип мектепти, соңынан Нөкис политехника техникумын жақсы баҳалар менен тамамласа да, сол баяғы әскерий хызметкер болыӯға деген қызығыӯшылығы тарқамады, балалықтағы арзыӯ-нийетлери оны сирә тәрк етпеди.

1984–1986-жыллары ӯатан алдындағы миннетли ӯазыйпасын атқарып келип, аӯыл хожалығының бирқатар тараўларында мийнет етти. Бирақ, өз исине кеӯли толмаған ол әскерий оқыӯ, хызметке болған ишки талпынысларын жеңе алмады.  Ақыры 1992-жылдан баслап балалықтан өзин умтылдырып киятырған иске айланысты.

Сержант Өсербай Нуржанов бүгинги күнде Хожели әскерий комиссариатының шақырыққа шекемги жаслер менен ислесиӯ бөлимине басшылық етпекте.

– Мен өз жолымды таңлаӯда адаспадым, – дейди ол. – Мениң қаншама жаслар арасында өз ӯатанын, ел намысын қорғаӯ үстинде өткерген илажларым, үгит-нәсиятларым үлкен нәтийже берди. Ҳәзир әскерий хызметтиң түрли тараӯларында ислеп атырған шәкиртлеримди мақтаныш тутаман. Олардың маған ҳүрмети шексиз.

Ҳақыйқатында да, усы ӯақытқа шекем мектеп ҳәм басқа оқыӯ орынларында жаслар арасында ҳәр қыйлы спорт ойынларын, «Темурбеклер», «Жас шегарашылар», «Суңқарлар» әскерийлестирилген спорт ойынларын шөлкемлестириӯде ӯақтын ҳәм хызметин аяған емес. Өзбекстан Республикасы көлеминде 2017-жылы өткерилген «Жас шегарашылар» спорт ойынында оның көрсеткен жанкүйерлиги арқасында Хожели районлық Агроэкономика колледжи 1-орынды жеңип алыӯға еристи. Ҳәр жыл сайын Еслеӯ ҳәм қәдирлеӯ күнлеринде екинши жер жүзилик урыс қатнасыӯшылары, сол ӯақытлары өзи жасап атырған жеринде қалып, пидәкерлик мийнети менен жеңиске үлесин қосқан инсанлар менен бирге оқыӯ орынларында ушырасыӯлар өткерип келмекте. Сондай-ақ Қорғаныӯға көмеклесиӯши «Ватанпарвар», шөлкеми, Нураныйлар фонды, мәҳәлле фонды, Өзбекстан жаслар аӯқамы Хожели районлық кеңеси, Аӯғанстан урысы қатнасыӯшылары, басқа да жәмийетлик шөлкемлер менен бирликте байрам мүнәсибетлери қарсаңында өткерилген түрли илажларға басшылық етти. Усылар қатарында диний экстремизм, нәшебентлик, басқа да иллетлерге қарсы үгит-нәсият жыйынларын турақлы өткермекте. Және де қорғаныӯ ислеринде алып барылып атырған жумыслардың әҳмийети, бүгинги күндеги қураллы күшлеримиздиң тутқан орны ҳаққында көплеген орынларда жыйналыслар шөлкемлестирди. Ол өзиниң бундай ибратлы ислери менен жасларда ӯатансүйиӯшилик туйғыларын оятыӯда ҳәм оны күшейтиӯде унамлы тәсир жасамақта. Мақала басында айтқанымыздай, оны устаз деп таныӯшы жаслардың көплиги сөзимиздиң айқын дәлили бола алады.

Өсербайдың халқымыз алдындағы хызметлери ылайықлы баҳаланып киятыр.

Өсербай Нуржанов ҳақ кеӯил, кәсиплеслери арасында әдалатсүйер болыӯы менен бирге өзгелерге де жанашыр инсан. Сонлықтан болса керек, ол қаны кем, жарақатланыӯдан қанын жойтқан бир қанша инсанлардың өмирин сақлап қалыӯға да ерискен. Усы себепли «Өзбекстан Республикасы ҳүрметли доноры» көкирек белгисин алыӯға миясар болды.

Оның шаңарағы өзи жасап атырған орында ибратлы шаңарақлардың бири. Бул үй қапталы қыйтақ жерлерин абаданластырыӯ мақсетинде мийӯели дарақлар, саяманлы тереклер егиӯде, бирге жасап киятырған мәҳәллелеслери менен болған жыллы мүнәсибетлеринде көзге тасланып турады.

Өсербай Нуржановтың жаслар арасында, халқымыз алдында буннан былай да жоқары ҳүрмет-иззетке ийе болып жүре бериӯине тилеклес болып, оның алдағы ислеринде және де жетискенликлер күтемиз.

Қалбай Рейпназаров.