Миллий армиямыздың күш-қүдирети журналистлер нәзеринде

Ўатан қорғаўшылары күни ҳәм Өзбекстан Республикасы Қураллы күшлеримиздиң дүзилгенлигине 33 жыл толыў мүнәсибети менен Арқа-Батыс әскерий округи, Өзбекстан журналистлери аўқамы Қарақалпақстан бөлими, Қарақалпақстан Республикасы Қорғаныў ислери басқармасы менен биргеликте ғалаба хабар қуралларының  ўәкиллери ушын пресс-тур шөлкемлестирилди.

Пресс-тур қатнасыўшылары қорғаныў ислери басқармасының жаңа имараты, мүддетли әскерлер ушын мобилизациялық шақырыў резерви батальоны ҳәм Қорғаныў ислери басқармасы жанындағы Шақырылыўшыларды әскерий-техникалық қәнигеликлер бойынша таярлаў орайы ушын жаратылған шараятлар менен танысып, Қорғаныў ислери басқармасының баслығы полковник И.Рахимов ҳәм басқа да қәнигелер тәрепинен мағлыўматлар берилди.

Соңғы жыллары Ҳүрметли Президентимиз басшылығында әскерий тараўда кең көлемли реформалар әмелге асырылып атыр.

Бүгинги күнде әскерий объектлердиң, дала-оқыў майданларының инфраструктурасы пүткиллей жаңа көриниске ийе болмақта. Булардың барлығы әскерий кәсиптиң абырайын арттырыў, әскерий хызметкерлерге қолайлы ҳәм қәўипсиз хызмет шараятларын жаратыўға қаратылғаны менен әҳмийетли.

2024-жылда Қарақалпақстан Республикасы әскерий-админстративлик секторы тәрепинен гезектеги объект – Қарақалпақстан Республикасы Қорғаныў ислери басқармасының жаңадан қурылған имаратының пайдаланыўға тапсырылыўы айқын мысал болады. Заман талабына сай қурылған имаратта барлық қолайлықлар жаратылып, жасларды әскерликке таярлаўда хызмет етпекте.

Алдағы ўақытлары мәмлекеттиң қорғаныўы ушын кадрлар резервин таярлайтуғын, жасларда ўатансүйиўшилик сезимлерин арттыратуғын басланғыш әскерий таярлықтан сабақ беретуғын мобилизациялық шақырыў резерви батольоны ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Қорғаныў ислери басқармасы жанындағы Шақырылыўшыларды әскерий-техникалық  қәнигеликлер бойынша таярлаў орайы ушын барлық шараятлар жаратылды.

– Ўатан алдындағы жигитлик ўазыйпамды атқарыў ушын бир айлық әскерий хызметке келдим. Мениң бир айлық хызмет бойынша түсиниклерим басқаша еди. Бул жерге келип, әскерий хызметкерлерге жаратылған шараятларды көрип ой-пикирим улыўма өзгерди. Ўатан қорғаўшысы ушын не имканият керек, бәри жаратылған. Шынығыў бөлмелери, компьютер, оқыў зал менен китапхана, дем алыў орынлары заман талабына сай  жаратылған. Бул жерде алған билим ҳәм көнликпелеримиз келешекте өзимизге хызмет етеди деп толық айта аламан, – дейди қатардағы әскер Қуралбай Қунназаров.

Зибира Абдиниязова.