Қарақалпақстан Республикасы «Жыраў бақсылар жәмийетлик бирлеспеси» 2024-жыл халықты исбилерменликке тартыў мақсетинде, «Қарақалпақ миллий саз әспабы болған қобыз-дуўтар соғыўшы уста өнерментлерди қоллап қуўатлаў» атамасы менен исленген жойбар тийкарында мәмлекетлик гранты жеңимпазы болған еди.
2024-жыл июль айынан баслап реже бойынша «Жыраў бақсылар жәмийетлик бирлеспе»си Өзбекстан Мәмлекетлик көркем-өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы киши залында, усталар, жыраў, бақсылар менен «Қорқыт ата қобыз әспабы ҳаққында сәўбетлесиў, бәсекилесиў семинар тренинг» ҳәм белгили усталар менен «Устаз-шәкирт» дәстүрин даўам еттириў мақсетинде сәўбет өткериў, жас усталарды устаз өнерментлерге бекитиў семинар тренинг өткериў жумыслары менен баслады. Бул тренингде «Қобыз» саз әспабының биринши Қорқыт ата тәрепинен пайда болғанлығы ҳаққындағы әпсанасы, бурынғы атақлы жыраўлар, олардың дөреткен мектеплери, устаз-шәкирт жоллары менен қобыз саз әспабының усы дәўирдеги раўажланыўлары ҳақкында, белгили жыраўларымыз бенен илимпазларымыз пикирлери, түсиндирмелери тыңланды. Және де ҳәзирги дәўирде қобыз соғып атырған усталарды қоллап-қуўатлаў, оларды излеп табыў, жәрдем етиў илажлары көрип шығылды. Қобыз соғып атырған белгили усталар оның қалай соғылыўы, нелерди таярлаўы, неден баслаў кереклиги ҳаққында қызығыўшы жасларымызға, усташылық жолларынан мәсләҳәтлер берилди.
Бирлеспениң грант тийкарындағы режесинде қобыз соғыўшы усталарды қоллап қуўатлаў, оларға материаллық жәрдемлер көрсетиў мақсетин орынлап, 2024-жыл сентябрь айында реже бойынша усталардың керекли заманагөй электрон әспаб-үскенелери алынды. Нөкис районында жасаўшы қобыз соғыўшы Даўыт устанын баласы, жас уста Ж. Жақсымуратовқа тапсырылды ҳәм қобыз соғыўшы Даўыт устаның әкеси белгили Атамурат уста жолы менен шәкиртлерине қобыз соғыў мектеби сырлары шеберлик әмелий сабағы өткерилди.
Усталарымыз соққан қобызлар тийкарында Төрткүл районының Шорахан аўыл турғынларына, кеште қур дүзип, ортаға от жағылып «Ер шора», «Едиге», «Алпамыс» дәстанларынан үзиндилер терме, толғаўлардан ибарат концерт бағдарламасы қойылды. Бул концерт бағдарламасы «Мийрас» атамасындағы телекөрсетиў арқалы пүтин халқымызға инәм етилди.
2024-жыл октябрь айында бирлеспемиздиң келеси реже бойынша Нөкис қаласында жасаўшы Бийсенбай уста устаханасында «Дуўтар соғыўшы уста»лардың жолы менен шәкиртлерине дуўтар соғыў мектеби сырлары шеберлик әмелий сабағы ҳәм 1-санлы Есжан бақсы атындағы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеби үлкен залында усталарымыз соққан ҳәр түрли дуўтарлар менен бақсы, сазенделердиң концерти болып өтти.
2024-жыл ноябрь ҳәм декабрь айларында 1-санлы Есжан бақсы атындағы ҳәм 12-санлы Әмет бақсы атындағы Балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеби «Миллий музыка» бөлиминде тәлим алып атырған, кем тәмийинленген шаңарақ балаларын қоллап-қуўатлаў мақсетинде, грант тийкарында бирлеспемиз атынан, Аманбай Каримовтың баласы жас жыраў Абдирахман Абдирашитовке таза қобыз ҳәм Муратбек Төремуратовтың қызы жас бақсы Гүлайым Арыслановаға таза дуўтар, саз әспаблары грант бағдары бойынша саўға етилди.
2024-жыл Педагогика илимлери бойынша философия докторы, доцент Артықбай Ережеповтың авторлығында «Қорқыт ата әпсанасы ҳәм Қарақалпақ жыраўшылық өнери» атамасындағы китапша 400 нусқада баспахадан шығарылып, республикамыздағы барлық «Балалар музыка ҳәм көркем өнер» мектеплерине тарқатылып, Жыраў бақсылар жәмийетлик бирлеспеси грант режеси бойынша жобаластырылған жумысларын мақсетке муўапық жақсы жуўмақлады.
Бул алып барған жумыслары менен республикамыздың мәденияты ҳәм көркем өнери тараўына, өз үлеслерин қосып киятырған «Жыраў бақсылар жәмийетлик бирлеспеси» баслығы Қ.Заретдинов жумысшы топар ағзалары менен биргеликте, еле де Қарақалпақстан Республикасы Жоқары Кеңеси жанындағы ҳәм Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси жанындағы жәмийетлик фондының қоллап-қуўатлаў грантлары тийкарында миллий музыкамызды раўажландырыў мақсетинде бир қанша жумыслар ислеўге болатуғынлығын айтқан еди. Биз «Жыраў бақсылар жәмийетлик бирлеспеси»не, алдағы режелерине табыслар тилеймиз.
Н.АЙЫМБЕТОВА, «Жыраў бақсылар бирлеспеси» ағзасы.
