Жаслар ушын жаңа имканиятлар ҳәм раўажланыў жолы

Жақында Көксарай резиденциясында Президент Шавкат Мирзиёев жаслар менен ушырасып, олардың келешеги, билим алыўы, жумыс пенен тәмийинлениўи ҳәм исбилерменлик жумысын раўажландырыўға байланыслы әҳмийетли қарарларды жәриялады. Мен де Қарақалпақстан жаслары қатарында бул ушырасыўда видеоконференцбайланыс арқалы қатнасыў бахтына миясар болдым. Бул ушырасыў жаслар ушын үлкен мотивация ҳәм жаңа имканиятлар есигин ашты.

Сөйлесиў даўамында жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў, исбилерменликти раўажландырыў ҳәм илимге итибарды күшейтиў бойынша үш тийкарғы ҳүжжетке қол қойылды. Биринши ҳүжжетке муўапық, Жаслар исбилерменлигин раўажландырыў қоры шөлкемлестирилди ҳәм оған 100 миллион доллар қаржы ажыратылды. Бул қаржы жаслардың бизнес жойбарларын қаржыландырыў ҳәм стартапларды раўажландырыўға қаратылатуғыны атап өтилди. Бул болса мәмлекетте жас исбилерменлер қатарының кеңейиўине ҳәм жаңа жумыс орынларының жаратылыўына үлкен түртки болары сөзсиз.

Жаслар арасында жумыссызлық машқаласын сапластырыў мақсетинде екинши қарар қабыл етилди. Оған бола, жоқары оқыў орынларын питкерген жаслардың жумыс пенен тәмийинлениўи ушын Миллий банкке 100 миллион доллар ресурс ажыратылатуғын болды. Сондай-ақ, буннан былай жоқары билимлендириў мәкемелери питкериўшилерди жумыс пенен тәмийинлеўге жуўапкер болатуғыны айрықша тилге алынды. Енди жаслар оқыўды питкергеннен кейин, «Қай жерден жумыс табаман?» деген тәшўишлерсиз, келешегин жобаластырыўы мүмкин.

Үшинши ҳүжжетке муўапық, Алоқабанк рәсмий түрде «Жаслар банки» етип белгиленди ҳәм жаслардың бизнес жойбарларын қоллап-қуўатлаў ушын 200 миллион доллар қаржы ажыратылды. Енди өзин-өзи бәнт еткен жаслар ушын 100 миллион сумға шекем 7 жыл мүддетке жеңиллетилген микроқарызлар ажыратылыўы мүмкин. Бул баслама өз бизнесин басламақшы болған жасларға финанслық имканиятларды аңсатластырады.

Бул ушырасыўда жәрияланған қарарлар жаслар ушын ҳақыйқый раўажланыў имканиятларын жаратады. Мәмлекет басшысының жаслар менен тиккелей сөйлесиўи ҳәм олардың машқалаларына шешим табыўға умтылыўы мәмлекеттеги жаслар сиясатының тийкарғы бағдарларынан бири екенин көрсетеди. Мен өзим де Ибрайым Юсупов атындағы дөретиўшилик мектебин алтын медаль ҳәм қызыл гүўалық пенен тамамлап, ҳәзирги ўақытта Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде журналистика бағдарында билим алып атырман. Жақында Ибрайым Юсупов атындағы мәмлекетлик стипендияның жеңимпазы болдым. Бул стипендия ҳәм Президентимиз тәрепинен билдирилген исеним мени еле де үлкен шеклерге умтылыўға ийтермелеп атыр десем қәтелеспеген боламан. Өйткени, мәмлекетимиз басшысының жасларға қаратып атырған итибары ҳәм жаратып берген имканиятлары келешекке болған исенимди еле де беккемлеп, Ўатан раўажланыўы жолында шын кеўилден мийнет етиўге шақырады. Биз, жаслар, усы имканиятлардан пайдаланып, елимиздиң раўажланыўына өз үлесимизди қосыўымыз шәрт.

Гүлжәҳән Жақсымуратова, ҚМУ студенти, Ибрайым Юсупов атындағы мәмлекетлик стипендия ийеси.