Ўақтымды бийкарға өткермеймен

Рамуза Байжанова – өзиниң оқыўдағы жоқары мақсетлери, илимий изленислери ҳәм тынымсыз мийнети менен танылған жас юрист. Ол 2001-жылы 21-март сәнесинде Шоманай районында дүньяға келген. Билимниң дәслепки сырларын Нөкис қалалық 36-санлы мектепте алып, 2016-жылы юридика колледжине оқыўға кирген. Сол ўақытлардан баслап өзиниң анық нийетлерин белгилеп алған жас қыз, кейин ала көплеген таңлаўларға қатнасып, өз қәбилетин сынап көрген. Атап айтқанда, “Сиз нызамды билесиз бе?”, “Конституцияны билесиз бе?”  таңлаўларында сыйлы орынларды ийелеп келген. Ҳәр бир таңлаў оған тек ғана жаңа тәжирийбелер емес, ал илимий ҳәм әмелий билимлерин кеңейтиўге жәрдем берген.

2019-жылы өзиниң күшли интасы ҳәм мийнетиниң нәтийжесинде  Қарақалпақ  мәмлекетлик университетиниң юридика факультетине жоқары балл менен оқыўға киреди. «4 жыллық студентлик дәўиримди бийкар өткермеймен», – деген мақсетти өз алдына қойған ол, имтиханлардан жоқары баҳалар менен өтип, оқыўын даўам етти. Бул даўамлы умтылыслар 2022-жылы өз нәтийжесин берди ҳәм Рамуза Наўайы атындағы мәмлекетлик стипендиясының ийеси болды. Бул стипендия талабына көре ол, дәслеп университет басқышында  3 пәннен имтихан тапсырды (информатика, тарийх, инглис тили) ҳәм илимий жумыслары арнаўлы базаға жайластырылды, имтиханлардан ҳәм илимий жумысларының балл нәтийжеси де жоқары болды.

Бул жетискенлик оған жаңа имканиятлар есигин ашып, 2023-жылы юридика тараўы магистратура бөлимине грант тийкарында, оқыўға қабыл етилди. Илимий басшысы менен биргеликте көплеген конференциялар ҳәм халықаралық журналларға мақалалар жазып, илимий излениўлеринде үлкен табысларға ерисе баслады ҳәм устазы Фархад Кутлымуратовтан алған мәсләҳәтлерине  әмел етип, “Президент стипендиясына” ҳүжжет тапсырды.

– Бул стипендия талаплары алдынғысынан парық қылатуғын еди, дәслеп илимий жумысларымыз базаға жайластырылып, соң Ташкент қаласына барып информатика, тарийх ҳәм инглис тилинен тест сораўларын шешип, топлаған балым талапқа жуўап бергени ушын кейинги басқыш яғный сәўбетке кирдим. Бунда да қанаатландырарлы жуўапларды бердим. Тестлер Мәмлекетлик тест орайы (ДТМ) тәрепинен алынып барлығы жоқары бақлаў астында өткерилди.

Шынымды айтсам, бул стипендияны қолға киргизе аламан ба, жоқ па деген гүман болды. Себеби, жас келин ҳәм анаман. Бирақ, өмирлик жолдасым, ата-анам, илимий басшым – ҳәммеси мени қоллап-қуўатлады. Сонша мийнет, ең тийкарғысы, дурыс нийет өз нәтийжесин берди ҳәм мен Президент стипендиясын қолға киргиздим, бул маған еле де илим менен шуғылланыўым ушын үлкен түртки болды, – дейди Рамуза Байжанова.

Ҳәзирги ўақытта ол “Юридикалық шахсларды қайта шөлкемлестиргенде ҳуқықый мийрасқорлық мәселеси” темасында илимий изертлеўлер алып бармақта. Бүгинги күнге шекем Рамузаның сырт ел илимий журналларында 16, мәмлекетимиз көлеминде 5 илимий мақаласы жәрияланды.           

Сондай-ақ, жас илим пидайысы, өзиниң  алға қойған мақсетлери, ураны ҳәм өзи сыяқлы жаслар ушын мәсләҳәтлери менен де бөлисти: «Мен Отабек Маҳкамов ҳәм  америкалы судья Фрэнк Каприо сыяқлы юристлерге ҳәўес етип, өзим де белгили, тәжирийбели юрист болыўды мақсет еткенмен. Ең қымбатлы инвестиция бул – ўақыт. Оны ақша менен де қайтарып болмайды. Жасларға айтарым, ўақтыңызды бийкарға өткермең. Студентлик дәўириңиздеги бийбаҳа ўақтыңызды билим алыўға, жоқары нәтийжелерге ерисиўге сарыплаң демекшимен.  

Рамуза Байжанованың жетискенлиги, мәсләҳәтлери билим алыў, стипендияларға ерисиўди мақсет еткен жасларға үлкен жәрдем ҳәм түртки болары анық. Биз де өз гезегинде Рамуза, илим жолында жүрген барлық жаслардың оқыўларында жаңа нәтийжелер күтемиз.

Гүлайым Нургалиева, ҚМУ,  2-басқыш магистранты.