Нызамшылыққа муўапық рәсмийлестирилген исеним хаты менен пенсия төленеди.
– Бул қандай әмелге асырылады?
– Дәслеп, пуқара шет елде болған ўақытта исеним хатты рәсмийлестиреди ҳәм де кепилликли мәмлекет органы тәрепинен апостил’ (Апостил’ – рәсмий ҳүжжетти қол қойған лаўазымлы шахстың қолы ҳақыйқыйлығын, қол қойыў кепиллиги бар екенлигин ҳәм де ҳүжжетти тастыйықлаған мөр ямаса штамп баспа изи ҳақыйқыйлығын тастыйықлайтуғын, Конвенцияға муўапық рәсмий ҳүжжетке шет елде пайдаланыў мақсетинде қойылатуғын арнаўлы штамп) қойдырады.
Усы процессти пенсионер шет елге кеткен күннен баслап 3 ай ишинде әмелге асырыўы усыныс етиледи. Кери жағдайда пенсия 3 айдан кейин ўақтынша тоқтатып турылыўы мүмкин.
«Пуқаралық, шаңараққа тийисли ҳәм жынаят жумыслары бойынша ҳуқықый жәрдем ҳәм ҳуқықый қатнаслар ҳаққында» ғы Конвенцияның қатнасыўшы мәмлекетлеринде искерлик жүргизип атырған Өзбекстан пуқаралары исеним хатқа апостил’ қойдырыўлары талап етилмейди.
Пенсионер исеним хатының түп нусқасын исенимли ўәкилге тапсырады. Исеним билдирилген шахс исеним хатын пенсионер пенсия алып атырған банкке усыныс етеди. Нызамшылық талапларына тийкарланып исеним хатын алған банктиң тийисли бөлими тәрепинен исеним хаттың нусқасын Пенсия қорының район (қала ) бөлимине жибериледи. Усы исеним хаты менен исенимли ўәкил пенсияны алыўды даўам еттириўи мүмкин.
Бунда тағы соны айтып өтиў керек, исеним хатты берген шахс (пенсионер) Пенсия қоры бөлимине 1 жылда кеминде 1 рет келип тайынланған пенсияға болған өз ҳуқықын тастыйықлаўы керек болады.
– Пенсионердиң пенсиясы тоқтатып турылған ямаса пенсионер Өзбекстанға келиў мүмкиншилиги болмаса не қылыў керек?
– Өзбекстанға келиў мүмкиншилигине ийе болмаған жағдайларда пенсионер Өзбекстан Республикасының шет елдеги дипломатикалық ўәкилханасы ямаса консуллик шөлкемине шақырық етиўи мүмкин ҳәм шет ел мәмлекет аймағында турақлы жасаў жағдайы жоқлығын, соның менен бирге пенсия ямаса социал пенсия алмаслығын тастыйықлайтуғын мәлимлемени алыўы керек.
Алынған усы мәлимлеме исеним хатқа қосымша етилип, исенимли ўәкил тәрепинен Пенсия қорының район (қала) бөлимине усыныс береди. Соннан кейин, тоқтатып турылған пенсия қайта тикленеди.
Исеним хаты менен пенсия алыўшы болмаған пенсионерлер Өзбекстанға қайтқаннан кейин де алынбай қалған айлардағы пенсияларын белгиленген тәртипте алыў ҳуқықына ийе.
Еслетип өтемиз, пуқара Өзбекстанға қайтып келгеннен кейин алынбай қалған айлардағы пенсиясының 24 айлығын алыў ҳуқықына ийе.
Бунда пенсионер пенсияны алыў мақсетинде мүрәжат еткеннен алдынғы 24 айдан аспаған дәўир ушын төленеди.
Турсынай ТАЖЕНОВА,
Пенсия қоры Тахтакөпир районы, пуқараларға хызмет көрсетиў бөлиминиң жетекши қәнигеси.
