Баспасөзден бет бурдық (па?)

Бүгинги қунде әдебиятымыздың жас қарлығашларын баспасөзден емес, көбирек интернет тармақларынан көрип атырмыз. Бурынлары тез-тезден баспасөзде бой көрсетип туратуғын Аллаяр Дарменов та өз телеграм каналынан ары өтпей қойды. «Бул жүрек», «Нәзик гүлимсен», «Сени сорайман» сыяқлы нама қосықлары менен қулағымыздың қурышын қандырып киятырған Саҳыбжамал Сырғабаеваның дөретиўшилигин оқығыңыз келсе, телеграмға қоса инстаграмды да жүклеп алыўыңызға туўра келеди. Және бир жас қәлемкешлер болса фейсбукка «ин қурған». Бул жерде қәлеми бираз жетилип қалған, ҳәтте, илим жолына бет бурған Атағулла Сәтбаев, Алтынай Тилегенова, Айгүл Қосымбетоваларды, қосықлары менен өз оқыўшыларын таўып үлгерген Әбдирәшид Исмайылов, Расул Әбдимуратовларды, Муҳаммеддин Айтжанов, Баҳадыр Байназаров, Әбдирахман Қойлыбаев, Сәрбиназ Айтмуратова, Гүлшеҳра Айтмуратова қусаған өз ҳаўазына, өз стилине ийе болып үлгерген талантларды көриўимизге болады. Олардың биразы әллеқашан-ақ Жазыўшылар аўқамына ағзалыққа қабыл етилген. А.Дарменов, Б. Жолдасбаев, А. Сәтбаев, Б. Сарыбаев, А. Муҳаммадияров, С. Сырғабаевалардың аўқам гүўалықларын услап түскен сүўретлерин сол интернеттеги «ин»леринде көрип қуўанғанбыз. Халқымыздың маңлайына бир берген тулғалы шайыры Ибрайым Юсупов:

Ҳәй, сиз алыс әўлад – бийтаныс урпақ!

Дүньяға келесиз сиз қай ўақ, бир ўақ.

Узақ өтмишлерден сизди улығлап,

Сизге таң сәлемин жоллағым келер, – деген еди. Шайырдың көзин көрип, керегинде аға-инилик еткен Ш.Сейтов, К.Рахманов, Т.Мәтмуратов, М.Сейтниязов, Т.Қабуловлар, бери қарай изин жалғастырған Х.Дәўлетназаров, Ж.Избасқанов, К.Каримов, Б.Генжемуратов, С.Ибрагимов, Ж.Өтениязов, ҳаял-қызлардан М.Жуманазарова, П.Мырзабаева, Н.Төрешова, Г.Дәўлетова, Г.Нурлепесова, А.Өтениязоваларды биз базда радио – телевидение демесек, тийкарынан баспасөз арқалы танығанбыз, китапларын излеп жүрип оқығанбыз. Қаҳарман шайырымыз таң сәлемин жоллаған әўлад мүмкин ҳәзирги урпақ шығар. Газета-журнал нелигин умыта жазлаған, авторлық китап орнына канал, профилге баўыр басып үлгерген жас дөретиўшилерден үлкен үмит күте аламыз ба?

«Ҳәркимниң өз заманы бар» деген еди Аязий тағы да. Бердақ, Әжиниязлардың заманында баспасөз, газета-журнал болмаған ғой. Сонда да халық оларды басына көтерген. Дерлик, бир әсир даўамында қаншадан-қанша шайыр-жазыўшылардың жетилисип шығыўына қап қолласқан баспасөз бүгинги күнниң жас қәлем ийелерине онша зәрүр болмай қалғандай сезиледи. «Жеткиншек»тен жетилип, «Әмиўдәрья»ның асаў ийримине түсиўди мақтаныш тутқан әўлад пенен бүгинги урпақты салыстырыўға болмайды. Ҳәзир әдебияттаныў илимине «интернет әдебияты» деген термин кирип киятыр. Ҳәтте, биз жоқарыда санап өткен Х.Дәўлетназаров, Б.Генжемуратов, Н.Төрешова, Г.Дәўлетова, Г.Нурлепесова сыяқлы үлкен шайырлар да бүгин баспасөзге қарағанда телеграм каналларында белсендиректей. Әлбетте, баспасөздиң жәрияланыўдағы ўақыт шеклеўи, ал интернеттиң дөретпени оқыўшыға сол ўақта «ыссылай» жеткериўинде парық бар. Бирақ, булай бола берсе өзи зорға еңбеклеп жүрген «Жеткиншек» пенен ғаррылық ҳасасына сүйенип, сырқатлана баслаған «Әмиўдәрья»мызды, көзге анда-санда тасланып турған «Қарақалпақ әдебияты»мызды жоғалтып алмаймызба?

Мен жаслардың интернетте жеке дөретиўшилик етиўине қарсы емеспен. Бирақ, олардың жазғанларын газета-журналларда да оқысақ деймиз. Интернетте узынына-шубай прозаға шыдамы жетпей, көбирек поэзия оқыўға бейимлесип баратырған оқыўшы халқын баспасөзге қайтарыўда Сизлердиң де орныңыз гиреўли, ҳүрметли жас шайырлар.

Шынаргүл СЕЙТЖАНОВА,

И.Юсупов атындағы дөретиўшилик мектебиниң бас тәрбияшы-педагогы.