Бибиназ Туремуратова өз теңлеслери арасында айрықша шаққанлығы, илимге қуштарлығы өз нәтийжесин берип ол усы жылы 22 жасында Зульфия атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты болды. Бул жетискенлик Ташкент информациялық технологиялар университети тарийхында биринши мәрте қолға киритилип атыр.
Бибиназ Хожели районында туўылып ҳәм әйне усы орында оның илимге деген қызығыўшылығы басланған.
Ол 2021-2022-оқыў жылында Өзбекстан Республикасы МКТ министрлиги стипендиясының ийеси болып, бул илимий излениўлер ҳәм инновациялық жойбарлар үстинде ислеў имканиятын берди. Соның менен бирге, Бибиназ 2022-2023-оқыў жылында Өзбекстан Республикасы Ислам Кәримов атындағы мәмлекетлик стипендиясының ийеси болып, бул табыс және бир мәрте оның өз тараўындағы күшли талантын тастыйықлады.
Арадан көп ўақыт өтпей Өзбекстан Республикасы Президенти мәмлекетлик стипендиясын қолға киргизди. Бибиназдың илимий жумысы тек ғана академиялық табыслар менен шекленип қалмай, ал ҳақыйқый турмыстағы жойбарлар ҳәм идеялар арқалы әмелге асырылып атырған технологиялық раўажланыўларда да айрықша орын ийелейди.
2023-жыл 22-декабрьде Бибиназ «Start4Region» илимий идеялар таңлаўында «SoilSense» жойбары менен қатнасып, жеңимпаз деп табылды. Ол усы таңлаўда 39 400 000 сум муғдарындағы пул сыйлығын жеңип алыўға миясар болды. Өткен жылы 8-11-октябрь күнлери өткерилген «TeсhnoWays» технологиялық раўажланыў марафонында болса «Программалық тәмийнат» бағдарында да өз билимин көрсетип жеңимпаз болды. Бул таңлаўда оның программалық тәмийнат тараўындағы шеберлиги, жаңа технологиялар жаратыўдағы қатнасы ҳәм инновацияларды ислеп шығыўдағы потенциалы айрықша атап өтилди.
Бибиназ илимий ҳәм технологиялық тараўлардағы жетискенликлери ушын өткен жылы «Үмит ушқыны» көкирек белгиси менен сыйлықланды. Және де усы жылы Инновациялық раўажланыў агентлиги ҳәм Өзбекстан Жаслар аўқамының қоспа қарарына тийкарланып Бибиназ «Инновациялық идеялар жетекшиси» көкирек белгисин алды. Бул хошаметлер жас илим жолындағы қызға үлкен исеним ҳәм жуўапкершилик екенин сезиндирди.
Әлбетте, оның бул жетискенликлери басқа да жаслардың илим, технология ҳәм инновациялар тараўына қызығыўшылығын арттырады ҳәм Өзбекстанның илимий ҳәм технологиялық «сахнасында» беккем орын ийелеўине үлес қосады.
Гүлайым Нургалиева,
ҚМУ, 2-басқыш магистранты.
