Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары
(Даўамы. Басы 2-бетте)
2023-2024-жылларда 50 журналист ҳәм редакция хызметкерлери сырт мәмлекетлерге маманлық арттырыў, тәжирийбе үйрениў, стажировка өтеў ҳәм абырайлы медиа илажларда қатнасыў ушын жибериледи ҳәм олар ушын сырт елли маман қәнигелер тартылған ҳалда оқыў курслары шөлкемлестириледи. Бул бағдардағы тийисли қәрежетлер Өзбекстан Журналистлер аўқамына Мәмлекетлик бюджеттен ажыратылатуғын қаржылар ҳәм нызамшылық ҳүжжетлери менен қадаған етилмеген басқа да дәреклер есабынан қапланатуғыны белгиленсин.
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм ўәлаятлардың ҳәкимликлери ҳәр жылы Өзбекстан Журналистлер аўқамының тийисли аймақлық бөлимлериниң жумысын нәтийжели шөлкемлестириў, сақлаў қәрежетлерин қаплаў ҳәм материаллық-техникалық базасын беккемлеў ушын жергиликли бюджеттиң қосымша дәреклери есабынан белгиленген тәртипте субсидия сыпатында қаржы ажыратып барыў илажларын көрсин.
8. Журналистлердиң нызамлы мәплери менен ҳуқықларын қорғаў системасын буннан былай да күшейтиў мақсетинде Өзбекстан Журналистлер аўқамының төмендегилерди аўқам тәрепинен әмелге асырыў ҳаққындағы усыныслары мақуллансын:
журналистлер ҳәм мәмлекетлик уйымлар, физикалық ҳәм юридикалық тәреплер арасында жүзеге келген келиспеўшиликлердиң судқа шекем шешилиўине жәрдемлесиў;
журналистлердиң профессионал жумысына байланыслы жынаят ислери бойынша жумыс алып барыўда олардың жәмийетшилик қорғаўшылары сыпатында нызамда белгиленген тәртипте қатнасыў;
теле ҳәм радиоканаллардың көркем кеңеслериниң жумысына тартылған маман экспертлерди Өзбекстан Журналистлер аўқамына Мәмлекетлик бюджеттен ажыратылған қаржылар есабынан турақлы түрде хошаметлеп барыў.
9. Өзбекстан электрон ғалаба хабар қураллары миллий ассоциациясы жоқары уйымының қарары менен Өзбекстан электрон ғалаба хабар қураллары миллий ассоциациясы Өзбекстан Миллий медиа ассоциациясы деп қайта аталғаны мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
Өзбекстан Миллий медиа ассоциациясы тәрепинен усыныс етилген медиа жойбарларды әмелге асырыў режелерине муўапық министрликлер, уйымлар, шөлкемлер ҳәм ҳәкимликлерге олардың бюджеттен тысқары қаржылары ҳәм нызамшылық ҳүжжетлери менен қадаған етилмеген басқа да дәреклер есабынан шәртнама тийкарында медиа өнимлер жаратыў, оларды реализациялаў ҳәм басқа да медиа жойбарларды әмелге асырыўға рухсат берилетуғыны белгиленсин.
10. Олий Мажлис жанындағы Мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлерди ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа да институтларын қоллап-қуўатлаў жәмийетлик фондының қаржыларын басқарыў бойынша Парламентлик комиссияға ғалаба хабар қураллары ушын грантлар, социаллық буйыртпалардың саны ҳәм муғдарын арттырып барыў ҳәм бул бағдарда өз алдына таңлаўлар өткериў усыныс етилсин.
11. Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги (Ш.Х.Шерматов) Әдиллик министрлиги (Р.Қ.Давлетов), Қаржы министрлиги (Т.А.Ишметов), Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги (А.А.Ходжаев) менен биргеликте үш ай мүддетте телерадиоеситтириўлерди тарқатыў (көрсетиў) тармақларын жойбарлаў ҳәм қурыў, телерадиоеситтириўлерди тарқатыў (көрсетиў) тармақларынан пайдаланыў және оларға хызмет көрсетиў ушын белгиленген мәмлекетлик бажы муғдарын 50 процентке шекем азайтыў ҳәм оны жыл даўамында бөлип-бөлип төлеўди енгизиўди нәзерде тутатуғын нызам жойбарын ислеп шықсын ҳәм белгиленген тәртипте Министрлер Кабинетине киргизсин. Онда, төмендегилер ушын мәмлекетлик бажының өз алдына муғдарлары нәзерде тутылады:
телерадиоеситтириўлерди тарқатыў (көрсетиў) тармақларын жойбарлаў ҳәм қурыў;
мәмлекет көлеминде телерадиоеситтириўлерди тарқатыў (көрсетиў) ямаса аймақлық телерадиоеситтириўлерди тарқатыў (көрсетиў);
радиоеситтириўлерди тарқатыў.
12. Ташкент қаласы, Мирабад районы, Матбуотчилар көшеси 32-үй мәнзилинде жайласқан «Баспасөз үйи» имарат ҳәм объектлери Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлигине оператив басқарыў ҳуқықы тийкарында берилсин.
Усы имаратқа күнделикли баспа басылымларының редакциялары ижара ҳақын төлеместен (коммуналлық төлемлер ҳәм көрсетилетуғын басқа да хызметлер буған кирмейди) жайластырыў мүмкин екени белгиленсин.
13. Ташкент қаласы ҳәкимлиги (Ж.А.Артикходжаев) Қурылыс министрлиги (Б.И.Закиров), Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги (А.М.Бобоев), Қаржы министрлиги (Т.А.Ишметов) менен биргеликте:
усы қарардың 12-бәнтинде келтирилген имарат ҳәм объектлер және оларға тутас аймақта заманагөй медиа қалаша шөлкемлестириўге байланыслы қәрежетлерди 2022-2024-жылларда Өзбекстан Республикасының социаллық ҳәм өндирислик инфраструктурасын раўажландырыў бағдарламасына киргизсин;
усы жойбар бойынша жойбарлаў-смета ҳүжжетлерин таярлаў ушын 2022-2024-жылларда Өзбекстан Республикасының социаллық ҳәм өндирислик инфраструктурасын раўажландырыў бағдарламасы шеңберинде жумсалған ҳәм өзлестирилмеген қаржылар есабынан жетерли муғдарда қаржы ажыратыў илажларын көрсин.
Заманагөй медиа қалаша жойбары жуўмағына жеткерилгенге шекем Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги өз жумысын Ташкент қаласы, Мирабад районы, Буюк Турон көшеси, 42-үй мәнзилинде жайласқан имаратта даўам еттирсин.
14. 2022-2023-жылларда ғалаба хабар қуралларын қоллап-қуўатлаў ҳәм журналистика тараўын буннан былай да раўажландырыў илажлары бағдарламасы қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
Министрликлер ҳәм уйымлар, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлериниң басшылары бағдарламада белгиленген ўазыйпалардың өз ўақтында ҳәм сапалы орынланыўы ушын жеке жуўапкер екени көрсетип өтилсин.
15. Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги (А.А.Ходжаев) мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте үш ай мүддетте нызамшылық ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
16. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 9-августтағы «Өзбекстан дөретиўшилерин қоллап-қуўатлаў «Илҳам» жәмийетлик фондын шөлкемлестириў ҳаққында»ғы ПҚ-3184-санлы қарары 2-бәнтиниң үшинши абзацындағы, 5-бәнтиниң екинши абзацындағы, 10-бәнтиндеги ҳәм қарарға 1-қосымшаның он бесинши абзацындағы тийисли келисимдеги «Журналистлер дөретиўшилик аўқамы» сөзлери тийисли келисимдеги «Журналистлер аўқамы» сөзлери менен алмастырылсын.
17. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 10-августтағы «Өзбекстан Журналистлери дөретиўшилик аўқамының жумысын буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-3195-санлы қарары өз күшин жойытқан деп есаплансын.
18. Усы қарардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары А.А.Абдухакимов ҳәм Мәлимлеме ҳәм галаба коммуникациялар агентлиги директоры А.А.Ходжаев белгиленсин.
Қарардың орынланыўын додалап барыў, орынлаў ушын жуўапкер уйымлардың жумысын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы басшысының орынбасары – Өзбекстан Республикасы Президентиниң баспасөз хаткери Ш.И.Асадовқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы, 2022-жыл 27-июнь
