ДӨРЕТИЎШИЛИГИНЕ ПИДАЙЫЛЫҒЫ ЖАРАСҚАН УСТАЗ

Басқа кәсип ийелери өз өнимлери менен танылып, көзге түссе муғаллим халқы әпиўайылығы ҳәм пидайылығы менен айрықшаланып турады. Олардың ҳәр бири келешектиң тәрбияшылары. Бүгинги күнде мектеп муғаллимлериниң тынымсыз изленип, оқып алып барып атырған шексиз мийнетлерин ҳеш нәрсе менен өлшеп болмайды.
Гүлнара Абдинаймова өзиниң кәсиплик шеберлиги, тәжирийбелери менен көзге түскен муғаллимлердиң бири. Ол 1994-жылы Бердақ атындағы қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң қарақалпақ тили ҳәм әдебияты факультетин айрықша диплом менен тамамлап, муғаллимшилик кәсибин Нөкис қаласындағы 33-санлы орта мектептен баслады. Оның билим-илим алыўға қызығыўшылығы өзи оқыған университеттиң қарақалпақ тили қәнигелиги бойынша аспирантураға жетеледи ҳәм оны табыслы тамамлады. Оқытыўшылық кәсибин 1999-жылы Нөкис қалалық ХББне қараслы 41-санлы мектепте ҳәм республикалық 7-санлы футбол мектеп интернатында даўам еттирди. Қайсы орында ислемесин ол оқытыўдың жаңа ҳәм дәстүрий емес усылларын терең меңгериў менен көпке үлги болыўға үлгерди. Өзиниң мазмунлы сабақлары менен оқыўшыларының ҳүрметине ерисе алды. Өз үстинде көп изленип барлық сабақларында заманагөй педагогикалық технологиялардан пайдаланыўға ҳәрекет етеди. Оның бундай сабақларынан «Ким күшли?», «Билимданлар бағы», «Мәўсимлер ойыны», «Дослық», «Ким көп мийўе тереди?» ҳәм басқа да дәстүрий емес усылда алып барған сабақларын көрсетиўге болады. Ол өзиниң дөретиўшилик жумыслары менен де өз орнын белгилеп киятырған устаз. «Жылдың ең жақсы пән оқытыўшысы» көрик таңлаўының республикалық басқышы жеңимпазы болды. Гүлнараның усындай пидакерли мийнетлери есапқа алынып, 2007-жылы «Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириў ағласы», көкирек нышаны менен сыйлықланды.

Мудамы излениўдеги устаз Г.Абдинаймова телевидение, радио еситтириўлеринде шығып сөйлеўлери ҳәм газета-журналларда өз мақалалары ҳәм жеке пикирлери менен қатнасып турады. Нөкис қаласы Халық билимлендириў бөлими жанындағы методикалық кеңестиң Қарары ҳәм ӽәзирги Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў хызметкерлерин қайта таярлаў ӽәм қәнигелигин арттырыў аймақлық орайы “Тил ӽәм әдебият “кафедрАсы аға оқытыўшысы Б.Турымбетов тәрепинен де ис тәжирийбеси үйренилип,республика көлеминде ен жайдырылған.
– Бүгинги күн оқыўшыларын оқытыўда ески методлардан ўаз кешип, жаңа методларда сабақ өтип креатив педагог екенлигимизди көрсетиўимиз тийис. Сондай методлардың бири «Запуск» технологиясы. Бунда сабаққа киргенимизден соң оқыўшыларға қызықлы болған бир жумбақлы сораў менен сабақты баслаў тийис. Бул берген жумбақлы сораўымызды оқыўшылар да шешиўге ҳәрекет етеди, түрли жуўап вариантларын бере баслайды. Сораўдың анық жуўабын билиўге қызығыўшылығы артқан ўақытта сиз жуўапты сабақ ақырында айтатуғыныңызды билдирип таза теманы өтиўге кирисиң. Енди ҳәмме оқыўшы жумбақлы сораўдың жуўабын билиўге соншелли қызыққанлығынан ҳәр қандай теманы да дыққат пенен тыңлайды. Усылайынша сабаққа толық қатнасып барылыўына ерисиледи, – дейди ол өз тәжирийбелерин биз бенен бөлисип.

Отыз жылға шамалас ўақыттан берли дүркин-дүркин әўладлар қәлбине тәлим-тәрбияның туңғыш сабақларын кестелеп киятырған Г.Абдинаймова ҳәзирги ўақытта Нөкис қалалық ХББне қараслы 10-санлы мектепте жокары категориялы қарақалпақ тили ҳәм әдебияты пәни муғаллими болып ислеп келмекте.
Жетик билими ҳәм талапшаңлығы менен устазлық кәсибиниң әжайып, жарқын үлгисин кең жәмийетшиликке танытып киятырған Гүлнара кѳпшиликтиң ҳүрмет ҳәм итибарына бѳлене бериўине тилеклеспиз.
Диларам Айтмуратова,
Нѳкис қалалық Халық билимлендириў бѳлиминиң қарақалпақ тили ҳәм әдебияты пәни методисти.