Өткен дем алыс күнлери Түркияның Конья қаласында Ислам тилеклеслик ойынлары қызғын даўам етти.
Бул жарысларда табыслы қатнасып атырған Өзбекстан сайланды командасы ағзалары грек-р
им гүреси, велоспорт, жүзиў, аўыр атлетика бойынша бир қатар медалларды қолға киргизиўге миясар болды.
Соның ишинде, грек-рим гүреси бойынша 87 кг салмақта қурға түскен Жалғасбай Бердимуратов барлық қарсыласларын жеңип шыққан болса, көркем гимнастика бойынш
а командалық жарыста сынға түскен Шахзада Ибрагимова ҳәм Наргиза Жуманиязовалар, Нилуфар Аъзамова, Мумтозабону Исъҳоқзода ҳәм Мария Паклар менен бирге алтын медальларды қолға киргизди.
Коньяда жарыслар даўам етпекте.
Әдилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы
