ҚАРАӨЗЕК: Өзбекстан Республикасы Ғәрезсизлигине 31 жыл толыў мүнәсибети менен Қараөзек районы спорт мектеби майданшасында «Жаңа Өзбекстанда ел әзиз инсан әзиз!» сүрени астында салтанатлы байрам илажы болып өтти.
Оған район ҳәкимлиги басшылары, депутатлар, нураныйлар ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты.
Байрам Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының мәмлекетлик гимнлери менен басланды.
Илажда район ҳәкими У.Утамбетов шығып сөйлеп, район халқын байрам менен қызғын қутлықлады ҳәм ғәрезсизлик жылларында халық хожалығының ҳәр қыйлы тараўларында республика ҳәм район халқының қолға киргизген табыслары ҳәм жетискенликлерин мақтаныш пенен атап өтти.
Байрам илажында районлық Мәденият бөлими ҳәм республикамыз пайтахтынан келген белгили мәденият хызметкерлери тәрепинен таярланған саз-сәўбетли концерт бағдарламалары, спортшы жаслар қатнасында спорт шығыўлары қатнасыўшылар нәзерине усынылып, бул илаж қатнасыўшыларында умытылмас тәсир қалдырды.
***
НӨКИС РАЙОНЫ: Балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебиниӊ стадионында “Жаңа Өзбекстанда ел әзиз, инсан әзиз” сүрени астында Өзбекстан Республикасы ғәрезсизлигиниң 31 жыллығы мүнәсибети менен салтанатлы байрам илажы болып өтти.
Оған район ҳәкимлиги басшылары, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, Халық депутатлары Нөкис районлық Кеңеси депутатлары ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты.
Салтанатлы байрамда район ҳәкими Өмирбай Уснатдинов сөзге шығып, районның гүллән халқын Ғәрезсизлик байрамы менен қутлықлады ҳәм соңғы жыллары Нөкис районында жүз берип атырған унамлы өзгерислер менен жаңаланыўлар, ҳәр қыйлы тараўларда қолға киргизилип атырған табыслар ҳәм жетискенликлер туўралы кең түрде айтып өтти.
Сондай-ақ, илаж даўамында байрам мүнәсибети менен халық хожалығының ҳәр қыйлы тараўларында жемисли мийнет етип атырған бир қатар тараў пидайыларына район ҳәкиминиӊ Ҳүрмет жарлығы ҳәм естелик саўғалары тапсырылды. Соныӊ менен бирге, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2022-жыл 17-январь күнги «Жетим балалар ҳәм ата-ана қарамағынан айрылған балаларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўға қаратылған «Меҳир дәптери» системасын енгизиў илажлары ҳаққында»ғы 26-санлы қарарына тийкарланып районда жасаўшы жас өспиримлерге байрам саўғалары тапсырылды.
Соңынан илажда республикамызға белгили мәденият тараўы хызметкерлери, талантлы жас дөретиўшилер тәрепинен ана-Ўатан, ғәрезсизлик ҳәм миллетлер аралық дослықты жырлаўшы заўықлы концерт бағдарламасы қойып берилип, жыйналғанларда унамлы тәсирлер қалдырды.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.
