«ЖАҢА БАЗАР»ДАҒЫ ЖАҢАЛАНЫЎЛАР

Нѳкис қаласы «Жаңабазар» мәкан пуқаралар жыйынында әмелге асырылған ири қурылыс, оңлаў, абаданластырыў ҳәм дѳретиўшилик жумыслардың нәтийжесинде раўажланыўлар аймағына айланды.
Бурын ең аўыр мәкан болған бул жер абат мәканға айланды. 18,3 км асфальт ҳәм пиядалар жолы, 16,1 км электр тармақлары, 437 таяныш бағаналары, орайлық кѳшелерге түнги жақтыландырыў үскенелери орнатылып, 2,3 км ишимлик суў қубырлары ҳәм 42,8 км газ тармақлары тартылды.
«Жаңабазар» аймағында 10281 түрли миллет ўәкиллеринен ибарат халық аўызбиршиликте жасап ҳәм мийнет етпекте. Шараяты аўыр ҳәм имканияты қыйын болған 2620 шаңарақтың үйлери қайта исленип, шиферланып берилиўи аймақ турғынлары қыйыншылықлары артта қалғанлығынан қуўанысып, кеўиллери толмақта.
Усындай жаңаланыўлар менен абадан мәканға айланған аймақтағы «Гүлнур қоскѳл» тигиў цехында болғанымызда үлкен қуўаныш, тойдың үстинен шықтық. Ҳақыйқатында да абат ҳәм азат елге тойлар жарасады.
– Жаңаланып атырған мәканнан жай салып, бүгин жай той берип атырмыз. Қос қуўанышымның үстине келдиңиз. Аймағым, отаўым бәри-бәри жаңа, қоңысым қутлы болды. Еки жылдан бери жумыссыз едим. Бахыт па, әўмет пе, несийбем бе билмедим не ойласам бәрине жетискендеймен. «Гүлнур қоскѳл» тигиў цехы ашылып, жумыссыз 15 ҳаял-қыз жумыс пенен тәмийинленди. Және де тандыр, ошақ ислеп берилип, бүгин

тойға нан жаўып, аймақта той аўқатлары писирилип, үлкен бахыт, қуўанышта турман, буны сѳз бенен жеткерип бериўим қыйын-дейди, тигиў цехы баслығы, Темиржолшылар кѳшеси турғаны Гүлнур Сарсенбаева.
Соны да айрықша айтып ѳтиўимиз керек «Жаңабазар» жасларының спорт пенен шуғылланыўы ҳәм бос ўақытларын мазмунлы ѳткериўи ушын бар мүмкиншиликлер жаратылды. Атап айтсақ спорт майданшасы, волейбол, баскетбол, шахмат, китапханалардың ашылыўы, келешекте спортшы ҳәм билимли жаслар жетилисиўине толық имканият болды.

«Жаңабазар» мәкан пуқаралар жыйыны аймағына 15-20 күн бурын келген адам, бүгин бул жерлерди таный алмайды. Аймақта жасаўшы халық бәри-бәри раўажланыўлардан кеўли толып, ертеңги күнге деген исеними артып, елимиз басшыларынан жүдә миннетдар болмақта. Илайым, елимиз, қаламыз, алыс-алыс аўылларымыз жаңалана бергей. Ғәрезсизлигимиздиң 31 жыллығы жаңа раўажланыўлар менен жасарып, жетискенликлери менен кѳркейе берсин!
Зибира АБДИНИЯЗОВА.
Ш.СИЙПАТДИНОВтың түсирген сүўретлери