Усы жылы қолда терилген 1 килограмм пахта ушын 1500 сум төленеди. Бул ҳаққында Қашқадәрья ўәлаяты ҳәкимлигиниң ба

спасөз хызмети мәлим етти.
Атап өтилиўинше, быйылғы терим мәўсиминде қолда терилген 1 килограмм пахта ушын 1-теримде 1500 сумнан, 2-тер
имде болса 1800 сумнан аз болмаған муғдарда мийнет ҳақы төлеў белгиленген.
Еслетип өтемиз, ҳәзирги ўақытта Қашқадәрья ўәлаятында «Пахта – 2022» жыйын-терим жумыслары баслап жиберилген.
Мағлыўмат ушын, 2021-жылғы пахта жыйын-терими мәўсиминде қолда терилген 1 килограмм пахта ушын биринши
теримде 1200 сумнан, екинши теримде 1500 сумнан кем болмаған муғдарда мийнет ҳақы төлеў белгиленген еди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги
