Әке ким өзи?
Әкеси ҳәммениң дe бармекен?
Ол сениң мийирманың ҳәм баўырманың,
Сени қоллап-куўатлаўшы жақының,
Әке емес пе? Әке емес пе?
Әке деген сөзди, әке деген сөзди,
Әкеси жоқ, ярым жетимлер,
Түсине алмай кыйналады,
Әке ким екен? Әке ким өзи?
Илтимасым бар айырым әкелерге,
Таслап кетпең перзентиңизди,
Себеп болса да таслап кетиўге,
Тереңнен ойланың ол бир бөлегиң емес пе.
Әкесиз өскен ярым жетиммен,
Әке меҳрине тоймадым
кишкенелигимнен,
Әкең жоқ деп айтқан еди анам,
Мен әрманлы өстим он алты жастаман,
Бир күнлери әкең тири деди,
Әкең деп таныстырды бир кисини,
Әкең тири, өлмеген деди,
Енди кешир қызым әкеңди деди.
Сонша жыллар жүрдиң қайларда?
Шыдап қандай жасадың баўырың
таспа еди,
Ҳәр түрли елес болар келбетиң көз алдыма,
Әкем болса деп жасадым әрманда.
Әкем болыўын жүдә қәлегенликтен,
Кеширип кеўлимнен жай берип едим,
Мениң сизге сораўларым көп еди,
Айталмадым сен кеттиң және.
Ол өз мәпин ойлаған,
Қыйын күнде таслап кетти,
Болмақ керек кеширимли,
Бирақ қалай кеширейин.
Тур көз алдымда анам көз жасы,
Қыйнадығой ол анамды,
Әке деп айтыўға
Келтиреди арымды.
Насиба Бауетдинова,
Әжинияз атындағы НМПИ Сүўретлеу өнери хәм технологиялық тәлим факультети «Сүўретлеў өнери ҳәм инженерлик графикасы тәлим бағдары 2-а курс студенти.
