Үлкемизге бәҳәр паслының кирип келиўи менен бәрше жанзатлар оянып, тиришилигин баслайды. Инсанлар саламатлығы да бул пасылда өзгерислерге ушырап, ата-бабаларымыз айтқанындай «жуўанның жиңишкерип, жиңишкениң үзилетуғын» ўақты. Сонлықтан да инсан саламатлығы, әсиресе жас балалар саламатлығы бәрше ата-аналар ушын айрықша күтимди талап етеди. Балалардың денсаўлығын беккемлеўде ең дәслеп тазалық, азадалыққа итибарсыз болмаўымыз керек. Бәҳәрде таза мийўелерди жегенимизде де оларды жуўып жеў мақсетке муўапық. Себеби, медицинадан бизге белгили, балаларымыздың денсаўлығының бузылыўында организмде ушырасатуғын ҳәр қыйлы қуртлар үлкен роль ойнайды. Мине, сондай қуртлардың бири лямблия қурты болып, ол актив формада ҳәрекетшең болады. Көриниси алмурт тәризли, денесиниң алдынғы ушы домалақ, артқы ушы өткир болады. Олар патас қол, ойыншықлар, аўқат ҳәм суў арқалы жуғады. Цисталары паразиттиң актив емес, ҳәрекетсиз формалары есапланады. Көриниси сопақ. Пердеси бираз қалың, жақсы билинеди, көбирек бөлими цистаның өзинен ажыралып атырғандай түйиледи. Бул белгиси лямблия цисталарын басқа усыған уқсас дүзилмелерден ажыратып алыўға жәрдем береди.
Лямблиялар ишектиң жоқарғы бөлиминде жасайды. Соратуғын диски жәрдеминде ворсинкаларға (жиңишке ишекте ас сиңириўге хызмет ететуғын түкшелер) жабысады. Олар өт қалтада жасамайды, себеби өт суйықлығы олардың набыт болыўына тәсир етеди. Бул қуртлар жүдә көп тарқалған болып, әсиресе балаларда көп ушырасады. Олар ишектиң силекей пердесин механикалық тәсирлендирип, майлар ҳәм майда ерийтуғын витаминлердиң сорылыўын белгили дәрежеде қыйынластырыўы мүмкин. Сол себепли қарында онша күшли болмаған аўырыў пайда етип, иштиң бузылыўы, гейде оң қабырғаның астында белги бериўи мүмкин. Айрым жағдайларда лямблиялар ишек ҳәм өт жолларындағы басқа кеселликлердиң асқыныўына алып келиўи мүмкин.
Лямблияларға исенимли диагноз қойыў ушын жаңа бөлинип шыққан дәретти тез тексерип, онда цисталардың анықланыўы жетерли есапланады.
Лямблияларды шыпакер көрсетпеси менен емлеў мақсетке муўапық.
Сонлықтан ҳәр бир инсанның денсаўлығы өз қолында, даналарымыздың айтқанындай кеселликти емлегеннен көре алдын алыў лазым. Солай екен, азадалыққа айрықша кеўил бөлип, балаларымызда ҳәр қыйлы кеселликлердиң пайда болыўына жол қоймайық.
Меҳрибан
Утемуратова,
Тақыятас районы Санитария-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы бөлими Паразитология лабораториясы врач-лаборанты.
