КЕЛ БӘҲӘРИМ

Шырайыңды ашқыл, хош кел әҳәрим,
Гөззаллық қулпыртсын әлемниң үстин,
Бул әййям пайызлы жайларда ҳәр ким,
Ең гөззал демлерди қуўанып күтсин,
Ҳүсинде, жамалда бир дана болып–
Және Наўрыз келди жер ҳәм аспанға.

Гүллер жылўасына үйлес бул демде,
Арыў қызлар күлкиси оятар илҳам,
Мине заўыққа толды жыршы бүлбилде,
Оның өзи алмас шайыр, қыссахан.
Келиншек мысалы жәнана болып–
Және Наўрыз келди қутлы мәканға.

Бәҳәрим! Жайнай бер, қулашыңды жаз,
Қойының ҳәр күни қуўанышқа толсын.
Үмит пенен күткен инсанға қуллас.
Жасыл майсаларын паяндоз болсын.
Елдиң бахты ушын дүрдана болып–
Және Наўрыз келди Қарақалпақстанға!

НАЎРЫЗ

Жерге меҳир берип, қуяшқа жалын,
Кирип келди әйне шағларда Наўрыз,
Жасыллықа бөлеп, ашып жамалын,
Гезбекте таўларда, бағларда Наўрыз.

Жағымлы намадай заўық бағышлайды,
Жуғыр–жуғырлары қарлығашлардың.
Жасарыў арзыўы барға уқсайды,
Бир әсир жасаған гүжим ағашлардың.

Үмит ушқынлайды ҳәр гүл–шешекте,
Мақсеттиң нәпесин алып келер самал.
Кеўилден жоғалар гийне ҳәм өкпе,
Жүреклер Наўрыздан қуўаныш табар.
Наўрызым, наўрызым жаўын сендеги,
Тәбиятты пәклеп жуўып қояды.
Сыйқырлы айқулақ жети реңдеги,
Көгилдир аспанды бир сәт бояды.

ЖОЛАЎШЫ

Қорғасынға уқсайды бултлар,
Зил боп басар еки ыйықтан.
Өңмениңнен ийтерер самал,
Қорқытқандай қыйыншылықтан.

Адымыңды алға аттырмас,
Ҳәтте артқа серпилдиреди.
Уўлар–шуўлар бир дем де тынбас,
Мәстан кемпир болып күледи.

Алға қойған мақсет, әрманлар,
Умтылдырар күш–жигер берип.
Төзимиңе төзбейди самал,
Аяғыңа жығылар келип.

Арыў қуяш шығар жарқырап,
Ерип кетер қорғасын бултлар.
Жолаўшыны алыслар шарлап,
Созылады кең айдын жоллар.

Жапақ ШАМУРАТОВ,
Қоңырат районы.